Грамота.png

Кәсип таңлағанда нелерге итибар бериў керек?

Ҳәр биримиз балалығымызда тезирек ер жетип белгили бир кәсип ийесине айланыўды әрман еткенбиз. Кәсип таңлаў – ҳәр бир адамның ѳмириндеги ең әҳмийетли қарар. Кәсип бул тек ғана дәрамат дереги болып қалмастан, ол ѳмиримиздиң кѳпшилик бѳлегин бағышлайтуғын жумысымыз.

Психологлар бундай жүдә жуўапкершиликли қарарды қабыллаўда жас ѳспиримлер тек ѳзгелердиң кеңесин тыңлап ғана қоймастан, ѳзиниң уқыбын, қызығыўшылықларын ҳәм инталылығын да анықлап алыўы зәрүр. Буны психологиялық тестлер жәрдеминде анықласа болады.

Психологиялық тестлер ѳзиңе қайсы кәсип кѳбирек қызық екенлигин ерте басқышларда анықлаўға жәрдем береди.

Ҳәр қыйлы кәсиплер, келешектеги жақсы бағдарлар, қәнигеликлер ҳаққында билимлериңди асырып, ѳзиңди қызықтырған кәсип түрлери менен жақынырақ танысыўың зәрүр.

Келешектеги кәсибиңди анықлап алғаннан соң, ол ҳаққында кѳбирек билип алыўға ҳәрекет ет. Ҳәр қыйлы оқыў топарларына ийе кѳплеген қәнигелестирилген мектеп ҳәм оқыў курслары бар. Ол жерде автомобиль механигинен баслап исбилерменликке шекемги ѳзиң таңлаған кәсипте жумыс ислеп кѳриў имканиятына ийе боласаң.

Тийкарғы таңлаған кәсибиңнен қосымша «резерв» кәсипти де итибарға алып қойыў зәрүр, себеби, турмыста ҳәр қыйлы ѳзгерислер болады ҳәм келешекте не болатуғынлығын алдыннан билип болмайды.

Егер ѳзиң таңлаған қәнигеликке оқыў имканиятың болмаса, оған қапа болма, оның орнына басқа да вариантларды излеп кѳриўиңе болады.

Ата-анаңның мәсләҳәтин тыңла, бирақ соңғы қарарды ѳзиң қабыллаўың зәрүр.

Егер әкең яки анаңның кәсибин даўам еттирмекши болсаң, бул нормал жағдай. Бирақ, бул қарарды қабыллаўда ѳзге бир адамның мәжбүрлеўине жол қойма. Егер әкеси қандайда бир кәсипти ийелеп бахытлы ѳмир сүрген болса, баласы да сол кәсиптен камал табады дегени емес. Ѳмири бойы ѳзине унамаған жумысты ислеп келген адам ѳзин бахытлы сезбейди.

Қосымша мәсләҳәтлер:

  • Кәсип таңлағанда, сени жақсы билетуғын адамлар, яғный шаңарақ ағзалары яки досларың менен мәсләҳәтлес;
  • Жаңа кәсип түрлери ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы кѳп нәрселерди билип алыўыңа болады;
  • Талап күшли болған бағдарлар ҳаққында мағлыўматларды арнаўлы онлайн ресурлар арқалы да алыўға болады;
  • Ѳзиңниң тилеклериң, ѳмирдеги мақсетлериңе сүйенген ҳалда ҳәрекет ет;
  • Имканы болса, кәсиплер бойынша маман қәнигеден мәсләҳәтлер ал.

Жақсы нәтийжелерге ерисиў ушын қәлеген бир кәсипке оқыў зәрүр екенлигин ядыңда тут!.

Aldıng’ı Keyingi