Учитель.png

Мектепте телефоннан пайдаланыў мүмкин бе?

Турмысымызды мобиль телефонларсыз көз алдымызға келтириў қыйын, әсиресе, ҳәр күни өзгерис болып атырған ҳәзирги заманда. Смартфонлардың заманагөй мүмкиншиликлери жүдә кең. Бүгинги күнде ол тек байланыс қуралы ғана емес, ал Интернет, социаллық тармақлар ҳәм т.б. арқалы мағлыўматларға болған мүмкиншиликти тәмийинлейди.

Бирақ, оқыў орнында сиз мобиль телефонлардан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етиўиңиз керек. Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 21-майдағы «Билимлендириў мәкемелеринде мобиль телефонлардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы Қарары қабыл етилген.

Бул қарарға муўапық ҳәр бир оқыўшы, оқытыўшы ҳәм басқа да шахслар билимлендириў мәкемелерине киргенде мобиль телефонын толық өширип қойыўы шәрт. Телефонды тек арнаўлы кейс, сумка ҳәм портфельлерде алып жүриўге рухсат етиледи. Оқыўшылардың телефонды мойнына илдирип жүриўи, оларды шалбар ҳәм юбкасының қалтасында алып жүриўи, сабақ ўақтында пайдаланыўы қатаң түрде қадаған етиледи.

Мектепте телефоннан қандай жағдайларда пайдаланыў мүмкин?

Оқыў орнында оқыўшылар сабақлар ҳәм илажлар аралығында телефоннан тек ата-аналары (яки олардың орнын басыўшы шахслар), жақын ағайинлери, оқыў орны басшылары ямаса хызметкерлери менен байланысыў ушын пайдаланыўы мүмкин. Бундай жағдайларда телефонлардан (қоңыраўлар, SMS, MMS, GPRS, Bluetooth, Интернет ҳәм басқалар) пайдаланыўға рухсат бериледи.

Сабақлар ҳәм басқа шынығыўлар арасында сиз телефонда сөйлесиў ушын коридорға ямаса фойеге шығыўыңыз мүмкин ҳәм сөйлескенде шаўқым шығармай ҳәм қысқа сөйлеўиңиз керек.

Айрықша жағдайлар жүз бергенде оқыў орынларында телефоннан пайдаланыў шекленбеген.

Aldıng’ı Keyingi