Мектеп оқыўшылары мектепте алтын яки гүмис медалларды қалай алыўына болады?

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22-феварль күнги 154-санлы «Улыўма билим бериў мектеплери ҳәм академиялық лицей питкериўшилерин алтын ҳәм гүмис медаллар менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққында»ғы Қарары менен тастыйықланған, питкериўшилерди медаллар менен сыйлықлаў тәртиби нызамда кѳрсетилген.

Алтын медаль, улыўма билим бериў мәкемелериниң 9-классын питкергенлиги ҳаққында айрықша аттестатқа ийе, улыўма билим бериў мәкемелериниң 10 ҳәм 11-классларындағы жуўмақлаўшы қадағалаў жумысларын барлық пәнлер бойынша айрықша баҳаларға тапсырған, шереклер ҳәм жыл жуўмағы менен айрықша баҳаларға питкерген, яки академиялық лицейлерде барлық курсларда пәнлер бойынша барлық питкериўши сынақларды ярым жыллық яки жыл жуўмағы менен айрықша баҳаларға тапсырған, үлгили минез-қулыққа ийе ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди қатнасқан питкериўшилерге бериледи.

Гүмис медаль, улыўма билим бериў мәкемелериниң 9-классын питкергенлиги ҳаққында айрықша аттестатқа, улыўма билим бериў мәкемелериниң 10 ҳәм 11-классларындағы барлық пәнлерден жыл жуўмағы менен айрықша баҳаларға, академиялық лицейлерде барлық курсларда айрықша баҳаларға, үлгили минез-қулыққа ийе ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди қатнасқан питкериўшилерге бериледи

Ҳәр бир оқыў жылы жуўмағында медаллар питкериўшилерге олардың ата-аналары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасында тапсырылады.

Алтын ҳәм гүмис медаллар менен бирге питкериўшилерге айрықша аттестат та тапсырылады.

Алтын ҳәм гүмис медаллар питкериўшилерди мораллық жақтан қоллап қуўатлаў мақсетинде бериледи ҳәм медаллар оларға жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳеш қандай жеңилликлер бермейтуғынлығын айтып ѳтиўимиз зәрүр.

Алтын ҳәм гүмис медаллар менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққында толығырақ мағлыўматты тѳмендеги силтиме арқалы алсаңыз болады: https://lex.uz/docs/4211827

Aldıng’ı Keyingi