Мектеп оқыўшылары ушын жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация дегенимиз не?
Ҳәр бир оқыўшы мектепти питкерерде питкериўши имтиханлардан ѳтеди. Питкериўши имтиханлар жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация түринде тапсырылады.
Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияны ѳткериў тәртиби «Улыўма орта билим бериў шѳлкемлери оқыўшыларының мәмлекетлик питкериўши аттестациясы ҳаққында» ғы Нызамы (Әдиллик министрлигинен 2008-жылы 20-мартта 1778-сан менен дизимнен ѳткен) менен белгиленген. Нызамға муўапық, мектеп питкериўшилериниң билимге, квалификацияға ҳәм уқыплылықларға болған талапларды орынлаўын жуўмақлаўшы аттестациядан ѳткериў ҳәр оқыў жылы жуўмағы менен әмелге асырылады.
Жуўмақлаўшы аттестацияға барлық пәнлерден жақсы баҳаларды алған оқыўшылар жибериледи, ал еки яки оннан кѳп пәнлерден тѳмен «2» баҳасын алғанлар имтиханларға киргизилмейди. Сол ушын, барлық пәнлерди жақсы ѳзлестириў зәрүр. Жуўмақлаўшы аттестацияға рухсат етилмеген оқыўшыларға аттестатлар берилмейди.
Питкериўши классларда жуўмақлаўшы аттестация ѳткерилетуғын пәнлер дизими, мүддетлери ҳәм имтихан түрлери ҳәр жылы Билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланады. Ҳәзирги күнде питкериўшилер 5-7 пәннен имтихан тапсырады.
Имтиханлар мектепте дүзилген жуўмақлаўшы аттестация комиссиясы тәрепинен ѳткериледи. Ана тили ҳәм математика пәнинен имтиханлар жазба түрде ѳткериледи. Қалған басқа пәнлерден жазба яки аўызеки түрде ѳткерилиўи мүмкин.
Ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы имтиханнан ѳте алмаған оқыўшыларға еки ҳәпте мүддеттен соң имтиханды қайта тапсырыў имканияты бериледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң дизимине киргизилген кеселликлер менен кеселленген оқыўшылар жуўмақлаўшы аттестациядан азат етиледи.
Жуўмақлаўшы аттестациядан ѳте алмаған оқыўшылар, қайта оқыў ушын класста қалдырылады.
Питкериўши имтиханлардан ҳәм жуўмақлаўшы аттестациядан азат етиў тәртиби ҳаққында толығырақ мағлыўматты тѳмендеги силтеме арқалы алыўыңызға болады: https://lex.uz/docs/1331874.