Мен адамман (шахспан)
Көбинесе сәўбет даўамында биз «шахс» түсинигин еситемиз. Бул не деген?
Шахс инсанның болмысын, оның өз алдына тиришилик ийеси сыпатында қәдирин өзинде сәўлелендиреди.
Негизинде, шахс өз ис-ҳәрекетин үрп-әдетлер, турмыс тәризи ҳәм тәжирийбесине таянған ҳалда санасы арқалы басқара алатуғын белгили бир мәдениятлы әўлад ўәкили болып табылады. Инсан шахс ретинде кәмалатқа умтылады, абадан инсаныйлық жәмийетке зәрүрлик сезеди.
Инсанның турмыс тәризи жәмийет турмысы менен тиккелей байланыслы. Инсан турмыстың барлық қолайлықларынан пайдаланыўға ҳақылы. Шахс түсиниги инсан санасының ең жоқары формасы болып табылады. Ҳәр бир инсанның өмири бийбаҳа.
Инсанның өзгешелиги көплеген ҳәм ҳәр қыйлы факторлар тәсиринде қәлиплеседи. Буларға генетика (туқым қуўалаў), турмыслық тәжирийбе, мәденият, қоршаған орталық ҳәм ийеленген билимлер киреди.