Мен буны ислей аламан!
Өмирде сондай адамлар гезлеседи, олар келешекке исеним менен қарап, өмирден нени қәлейтуғынлығын анық биледи. Егер өзиңизди сондай бахытлы инсан деп есапламасаңыз, өмирге деген көз-қарасыңызды өзгертиў ҳәм өзиңизге исенимди баслаў ўақты келди.
Сиз өмирде ҳәр қыйлы сынақлар, қыйыншылықлар ҳәм ўазыйпаларға дус келесиз. Гейде ўазыйпаның қурамалылығынан түскинликке түсесиз яки албырайсыз. Өзиңизге болған исенимди асырыў арқалы сиз қәўетерди жеңиўиңиз ҳәм «Мен буны ислей аламан!» десеңиз болады.
Қалайынша инсан өзине исенимли болыўға болады?
Ҳәмме нәрсени кеўлиңизге жақын ала бермең. Ең әҳмийетлиси, өзиңизге бәрҳа айтың: «Мүмкин емес нәрсе жоқ! Мен буны ислей аламан! Бул онша қыйын нәрсе емес!». Өзиңизди туўры бағдарлаўдың өзи табысқа ерисиўдиң 70 пайызы.
Өз потенциалыңызға исениўди баслаң. Өзиңиздиң күшиңиз ҳәм қәбилетиңизге исенбеў – бул үлкен қәте. Көбинесе өзимизди соған уқсас машқалаларды шеше алмайтуғын басқа адамлар менен салыстыра отырып, биз: «Ол буны ислей алмайды, сонлықтан мен де ислей алмайман» деймиз.
Бирақ басқа биреў өз машқаласын шеше алмаса, бул сизиң де қолыңыздан келмейди деген сөз емес. Себеби, ҳәр бир инсан өз алдына билим ҳәм қәбилетлерге ийе.
Өтмиштеги табысларыңызды ҳәм жеңислериңизди еслеп көриң. Бәлким, жарыс ҳәм олимпиадаларда қатнасқан шығарсыз? Өтмиштеги тәжирийбеңизди ҳәзир жумсаўға ҳәрекет етиң. Мудамы мақсетлер қойың, жобалар дүзиң, мүддетлерди белгилең ҳәм ҳеш қашан тәслим болмаң! Сонда сизде өзиңизге исеним пайда болады.