Не ушын айырым адамлар шебекей (солақай) болады?
13-август Шебекейлер күни есапланады. Бул нарәсмий байрам 1992-жыл Британия Шебекейлер клубы басламасы менен пайда болған. Дүньяда 15%ға жақын адамлар шебекей есапланады. Бул, ҳәр бир жетинши адам шебекей екенлигин кѳрсетеди.
Шебекей адамлар қылышпазлық, теннис, футбол ҳәм гандбол сыяқлы спорт түрлеринде үстемликке ийе болады. Спорттың бул түрлеринде шебекейлер жоқары жетискенликлерге ерисип келген. Шебекейлерде қыял сүриў ҳәм эмоциялар сезилерли дәрежеде жақсы раўажланғанлығы себепли, кѳбинше олар художник яки жазыўшы болып жетилиседи.
Кѳпшилик уллы алымлар шебекей болғанлығы мәлим. Олардан Альберт Эйнштейн, Чарли Чаплин, Архимед, Михаил Ломоносов, Исаак Ньютон ҳәм Чарльз Дарвинди айтсақ болады. Танымалы жазыўшылардан Александр Пушкин, Марк Твен, Франц Кафка, Ганс Христиан Андерсен, Лев Толстой, Герберт Уэллс, Льюис Кэрролл, Николай Лесков ҳәм Владимир Маяковский ѳзлериниң әжайып дѳретпелерин шеп қол менен жазып дѳреткен.
Шебекейлер үш түрге бѳлинеди.
- Мәжбүрий шебекейлер. Оң қолы сынған яки жарақатланған балалар шеп қолы менен жазып үйренеди. Бирақ, қанша ҳәрекет еткени менен олардың қол жазыўы шырайлы шықпайды. Ѳйткени олар ең дәслеп жазыўды оң қол менен үйренген.
- Еликлеўши шебекейлер. Бундай адамлар кишкенелигинде шаңарақ ағзалары яки мектептеги достына қарап шебекейликти үйренген. Бундай жағдайларда, кѳпшилик ўақытта олардың қол жазыўы тәртипсиз ҳәм сулыў емес болады.
- Ѳзлигинен болған шебекейлер. Бундай адамлардың шеп қолы тәбияттан жақсы раўажланған болады. Сийрек жағдайларда еки қолы да теңдей раўажланған болыўы мүмкин.