Нострификация дегенимиз не?
Ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы айырым қатар-қурбыларың сырт еллерде оқып билим алмақта. Сырт еллерде берилген ҳүжжетлердиң (диплом ҳәм аттестатлар) Ѳзбекстан Республикасында тән алыныў процеси нострификация деп аталады.
Нострификация процесслери Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июльдеги 620-санлы “Сырт еллерде билим алғанлық ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы Қарары менен белгиленген. Сондай-ақ, усы қарар менен «Сырт еллерде билим алғанлық ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби ҳаққында»ғы Нызам да тастыйықланған.
Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясына нострификация процесслерин әмелге асырыў ҳәм сырт еллерде алған билимди тән алыў гүўалығын бериў ўәкиллиги берилген.
Сырт еллерде оқып билим алған шахслар ҳүжжетлерин нострификация қылыўы ушын Мәмлекетлик хызметлер орайы яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.
Сырт еллерде 1992-жыл 1-январьдан соң алынған ҳүжжетлер (диплом ҳәм аттестатлар) нострификациядан ѳткерилиўи тийис екенлигин айтып ѳтиў зәрүр.
Орта билим ҳаққындағы ҳүжжетлердиң (аттестат) тән алыныўы ҳәм нострификациядан ѳткерилиўи Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги, ўәлаят халық билимлендириў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық халық билимлендириў Бас басқармасы тәрепинен бийпул әмелге асырылады.
Орта-арнаўлы, кәсиплик билим, жоқары мағлыўмат, кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў бойынша алған мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.
Дүньяның жетекши ТОП-1000 дизимине кирген мектеплер, кәсиплик билим ҳәм оқытыў мәкемелери, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары дипломларын тән алыў ҳәм нострификациядан ѳткериў процеси тиккелей (тест ѳткерместен) әмелге асырылады.
Нострификация процедурасы ҳаққында толығырақ мағлыўматты тѳмендеги силтеме арқалы алсаңыз болады: