Онлайн билимлендириў дегенимиз не?
2020-жылы дүньяны жаўлап алған коронавирус эпидемиясы нәтийжесинде, мектеп ҳәм университетлердеги 1,5 миллиардтан аслам оқыўшы ҳәм студентлер аралықтан оқытыў усылына ѳтти.
Бул жағдай, заманагѳй информациялық-коммуникациялық технологияларды билимлендириў процесине ендириўдиң тезлесиўине себепши болды. Дәстүрий билим бериў усылларынан басқа жаңаша, яғный аралықтан (онлайн) оқытыў түри пайда болды.
Аралықтан оқытыў бул оқытыўшылар менен оқыўшылардың бир-бири менен белгили бир интернет технологиялары яки басқа да интерактив оқытыў қураллары жәрдеминде қашықлықта турып байланысыўы.
Онлайн оқытыў ўақтында, оқыўшы ҳәм оқытыўшы оқыў курсалары ушын ислеп шығылған арнаўлы интернет технологиялары жәрдеминде бәрқулла бир-бири менен қарым-қатнаста болады.
Заманагѳй аралықтан оқытыў усылы электрон почта, телевидение, радио, информациялық ҳәм коммуникациялық тармақлар ҳәм басқа да мағлыўмат алмасыў усылларына тийкарланған.
Онлайн оқытыўдың абзаллығы неден ибарат?
- Оқытыў ушын сарыпланатуғын қәрежетлердиң қысқарыўы (ижара ҳақы, оқыў орнына келип кетиў ушын жол ҳақы), оқытыў ўақтының қысқарыўы.
- Оқыўшы ҳәм оқытыўшылар оқыў ўақтын, орнын ҳәм сабақлардың даўамлылығын ѳз-ара келискен ҳалда, ѳз бетинше жобаластыра алады.
- Бир ўақыттың ѳзинде үлкен аудиторияны оқытыў имканияты, бирден-бир оқытыў орталығын, кең масштаблы китапханалар жаратыў ушын заманагѳй қураллардан пайдаланыў.
Аралықтан оқытыў барысында жүзеге келетуғын машқалалар ҳаққында да еслетип ѳтиўимиз зәрүр.
- Оқытыўшы менен жанлы түрде кери байланыс яки контакттиң болмаўы: оқыўшылардың ҳәр күни яки ҳәр ҳәптеде оқытыўшы менен жүзбе-жүз контактте болмағанлығынан, олардың ѳзин-ѳзи баҳалаў уқыбында машқала пайда болыўы мүмкин.
- Социаллық қарым-қатнастың болмаўы.