Оқығаныңызды қалай еслеп қалыўға болады?
Китап оқыў мағлыўмат ядта сақланса ҳәм керекли ўақытта әмелде қолланылса ғана пайдалы.
Бирақ, көбинесе оқылған нәрсе ўақыттың өтиўи менен умыт болады. Буннан ғам жемең, бул ядтың бузылыўы емес, ал тәбийий процесс. Бирақ, оқығаныңызды еслеп қалыўдың бир неше усыллары бар.
Оқыў ўақтында ҳәр 20 минутта тәнепис жасап, өзиңизден сораң: «Оқыған ўақытта мен нени билдим?». Ең әҳмийетли пикирлерди анализ етиң ҳәм илажы болса, қағазға «түртип» алың.
Не ушын саррас 20 минут? Немец психологы Герман Эббингауз инсан ядында информацияның сақланыў процесин үйренген. Изертлеўлерге қарағанда, адам дәслепки 20 минутта алынған мағлыўматлардың 40 пайызын, ал 60 пайызын болса 1 саатта умытады. Бир күннен кейин ядта тек 33-35% мағлыўмат қалады. Егер мағлыўматлар дәслепки 20 минутта қайта исленбесе, бул мағлыўматтың ядта сақланбаў итималы бар.
Изертлеўлердиң көрсетиўинше, қайта оқыў емес, ал қайта айтып бериў мағлыўматты ядта сақлаўда нәтийжелирек болып табылады. Себеби сиз сөйлегениңизде мийиңиз мағлыўматты қайта ислеўге ҳәрекет етеди. Ол оны тек қабыл етип ғана қоймастан, ал қайта тиклейди.
Китапты даўыслап оқыў оқығанларыңызды еслеп қалыўға жәрдем береди. Оқыўдың биринши күниниң ақырында оқығанларыңыздың ишинен ең әҳмийетли мәўритлери ҳаққында жазың. Бул қурғақ конспект түринде емес, ал схема көринисинде болса еле де қолайлы ҳәм қызығырақ болады.
Сондай-ақ, жатардан алдын еслеп қалыў керек болған мағлыўматларды тәкирарлаў пайдалы болып табылады. Мий жатардан алдын алынған мағлыўматларды жақсы еслеп қалады.
Оқыў дәўири даўамында сиз сериал жаратыўшылары тәрепинен қолланылатуғын техникадан пайдалансаңыз болады. Жаңа бөлим басланбастан алдын қысқа видеода алдыңғы бөлимде нелер болғанын көрсетеди. Сиз ушын китапты оқыўды даўам етиўден алдын, кеше не болғанын еслеп қалыў әҳмийетли болып табылады. Буннан тысқары, өзиңиз жазған еслетпелер ҳәм бөлим атамаларына қараған пайда береди.
Китапты оқып болып, алынған мағлыўматты илажы барынша тезирек әмелде қолланыўды баслаўыңыз керек. Егер буның илажы болмаса, турақлы түрде китапты алып, қайта көз жуўыртып турыў усыныс етиледи.