Талант ҳәм қәбилет дегенимиз не?
Қәбилет - бул жеке потенциал, инсанның мүмкиншиликлери. Қәбилетти көнликпе ҳәм билимлер менен шатастырмаң. Себеби олар шынығыў ҳәм тәжирийбе арқалы ерисиледи.
Талант – бул қәбилеттиң жоқары дәрежеси. Талант инсанның билимлерди қай дәрежеде табыслы ийелеўи, теориялық ҳәм әмелий мәселелерди шешиўи, дөретиўшилик қәбилетлери, билим ҳәм көнликпелерин турмыста қолланыўы менен белгиленеди. Талант ата-анадан балаға өтип, тәрбия арқалы пайда болады. Адамның туўма қәбилетлери белгили бир шәраятларда қәлиплеседи ҳәм раўажланады.
Өзбекстан халық жазыўшысы Өткир Хошимов «Дәптер жийегиндеги жазыўлар» шығармасында талантты былайынша тәрийплейди:
- «Ҳақыйқый талантлы адам басқалар көрмеген затты табады».
- «Уқыпсыз мүсинши тири адамды минберге көтерсе, ол өлик сыяқлы көринеди. Ҳақыйқый мүсинши өли тастан ислеген ҳәйкел тири ҳәйкелге уқсайды. Талант деген усы!».
Қәбилетлердиң раўажланыўы талантты келтирип шығарады. Ҳәр кимниң айрықша қәбилетлери бар. Теңлеслериңизге итибар берсеңиз, биреўи сүўрет салыўға қызығатуғынлығын, бири өз қолы менен бир нәрсени жасаўға шебер, ал гей биреўлери қосықларды ядтан айтыўды унататуғынлығын сезесиз. Кейинирек қызығыўшылықлар қәбилетке, ал соң талантқа айланады. Сол себепли қәбилетиңизди байқаў ҳәм оны раўажландырыў жүдә әҳмийетли болып табылады.