Халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазлары мәмлекет тәрепинен қалай сыйлықланады

Елимизде тек спорт арқалы емес, ал илимде де халықаралық олимпиадаларда елимиздиң даңқын мүнәсип қорғаўшы талантлы жаслар кѳп. Бүгинги мақаламызда абырайлы халықаралық жарысларда жеңимпаз болған жаслар ушын берилетуғын жеңилликлер ҳәм хошаметлеўлер ҳаққында сѳз етемиз.

Бул бағдардағы жеңилликлер Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-май күнги «Талантлы жасларды анықлаў ҳәм жоқары маманлықтағы кадрларды үзликсиз таярлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4306-санлы Қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги 562-санлы Қарары менен белгиленген. Ҳүжжетге муўапық, тѳмендеги бес бағдардағы абырайлы халықаралық пән олимпиадалары дизими тастыйықланған:

  1. Математика бойынша халықаралық олимпиада — International Mathematical Olympiad (IМО).
  2. Физика бойынша халықаралық олимпиада — International Physics Olympiad (IPhO).
  3. Химия бойынша халықаралық олимпиада — International Chemistry Olympiad (IChO).
  4. Биология бойынша халықаралық олимпиада — International Biology Olympiad (IBO).
  5. Информатика бойынша халықаралық олимпиада – International Olympiad in Informatics (IOI).

Илим бойынша халықаралық олимпиадаларда жеңимпаз болған оқыўшылар ҳәм олардың муғаллимлерине тѳмендеги хошаметлеўлер ҳәм жеңилликлер бериледи:

а) халықаралық олимпиадаларда жеңимпаз болған оқыўшылар ҳәм олардың муғаллимлери базалық есаплаў муғдарының тѳмендеги размерлерине тең бир мәртелик ақшалай сыйлықлар бериледи:

  • 1-орын (алтын медали) ушын — 500 есеси муғдарында, муғаллимге — 450 есеси муғдарында;
  • 2-орын (гүмис медали) ушын — 300 есеси муғдарында, муғаллимге — 250 есеси муғдарында;
  • 3-орын (бронза медали) — 200 есеси муғдарында, муғаллимге — 150 есеси муғдарында;

б) халықаралық олимпиада жеңимпазларын тәрбиялаған билимлендириў мәкемелери директоры ҳәм муғаллимлериниң ис-ҳақыларына, кейинги оқыў жылы ушын директорлық фонды есабынан алтын, гүмис ҳәм бронза медаллары ушын тийислилиги бойынша қосымша 200, 175 ҳәм 150 процентлик үстеме тѳленеди;

в) билимлендириў мәкемелеринде оқытыўшы болып ислейтуғын абырайлы халықаралық олимпиада жеңимпазларына ҳәр айда лаўазым ис-ҳақысына қосымша 150 процентлик үстеме тѳлеп барылады;

г) халықаралық илим олимпиадасы жеңимпазлары мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларысыз оқыўға қабылланады.

Халықаралық олимпиадалар ҳәм жеңилликлер ҳаққында толығырақ мағлыўматты тѳмендеги силтеме арқалы алсаңыз болады: (https://lex.uz/docs/4320713).

Aldıng’ı Keyingi