Экстернат дегенимиз не?
Экстернат (латын тилинде ѳзге, сыртқы дегенди билдиреди) – билимлендириў мәкемесинде сабақларға қатнаспастан оқыў бағдарламасын ѳз бетинше ѳзлестириўге тийкарланған оқыў системасы.
Ҳуқықый тийкары: Ѳзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамының 21- статьясы. Нызам тийкарында экстернат түсиниги ѳз бетинше оқыўды нәзерде тутады, оның жуўмағы менен оқыўшылар мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде жуўмақлыўшы ҳәм мәмлекетлик аттестациядан ѳтиўи тийис.
Бүгинги күнде экстернатты шѳлкемлестириў тәртиби «Экстернат ҳаққындағы Реже»де (2015-жылы, 11-майда №2670-сан менен Әдиллик министрлигинен дизимнен ѳткерилген) белгиленген.
Экстернат тәртиби ҳаққында қысқаша түсиник берип ѳтемиз.
- Экстернат тәртибинде кимлер жуўмақлаўшы аттестациядан ѳтиўине болады?
Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары шеңберинде улыўма орта билим бериў бағдарламаларын ѳз бетинше ѳзлестирген Ѳзбекстан пуқаралары яки пуқаралығы болмаған адамлар (экстернлер) экстернат атесстациясын тапсырыў ҳуқықына ийе. Атап айтқанда, 9-класс ушын 16 ҳәм оннан жоқары жастағы пуқаралар, ал 11-класс ушын 18 ҳәм оннан жоқары жастағы пуқаралар тапсыра алады.
- Жуўмақлаўшы аттестацияны тапсырыў баҳасы қанша?
Жуўмақлаўшы аттестация бийпул ѳткериледи.
- Жуўмақлаўшы имтиханларды қай жерде тапсырыўыма болады?
Аймақлық халық билимлендириў басқармалары тәрепинен белгиленген мектеплерге арза берсеңиз болады.
- Жуўмақлаўшы аттестация ушын арзаны қашан бериўим керек?
Белгиленген мектеплерге арзаны ҳәр жылы 1-марттан 1-майға шекемги аралықта бериўге болады.
- Имтиханларды тапсырыў тәртиби қандай?
Ҳәр жылы белгиленген тәртипте 9 ҳәм 11-класс питкериўшилери жазба ҳәм аўызеки түрде имтихан тапсырады.
- Имтиханнан табыслы ѳткенлерге қандай ҳүжжет бериледи?
Экстернат тәртибинде жуўмақлаўшы аттестациядан табыслы ѳткенлерге тийислилиги (9 яки 11-класс) бойынша улыўма орта билим ҳаққында аттестат тапсырылады.
- Жуўмақлаўшы аттестациядан ѳткен экстернлер жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырса бола ма?
Экстернат тәртибинде алынған аттестат орта мектеп питкериўшисине берилетуғын мәмлекетлик аттестат пенен теңдей күшке ийе ҳәм оқыўды даўам еттириў ушын тән алынады.