Қалай етип лидер (жетекши) болыў мүмкин?
Лидерлик (инглис тилинен – leader, баслаўшы сөзинен) – ҳәммеге ортақ ўазыйпаны орынлаўда шөлкемлестириў ҳәм басқаларды басқарыў қәбилети. Классласларыңыз арасында, мүмкин, шөлкемлестириў мәселелерин шешетуғын ҳәм басқаларды изине ертетуғын лидер бар шығар.
Лидер – ортақ мақсетлерге ерисиў ушын басқаларды бирлестиретуғын адам.
Солай етип, жәмәәт жетекшиси болыў ушын не ислеў керек?
- Өзиңизге исениў;
- қәлеген адам жетекши бола алыўына исениў;
- ўәделериңизди орынлаў;
- өзиңизди жәмәәттиң бир бөлеги деп есаплаў;
- жәмәәтиңизге жақсы қатнаста болыў;
- ортақ иске садық екенлигиңизди көрсетиў;
- жәмәәт пенен мәсләҳәтлесиў;
- керек болған ўақытта ғана жетекшилик етиў;
- қарар қабыллаўды ҳәм оның ақыбетлери ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўды үйрениў.
Жетекшилик күш ислетиўге тийкарланған болыўы мүмкин емес ҳәм болмаўы да керек. Ҳақыйқый лидерлер, қайсы ўақытта болса да, ҳәр қандай жәмәәтке мудамы керек. Әлбетте, бүгинги күнде жетекшилик уқыбы ҳәр қандай исте ең әҳмийетли пазыйлетлердиң бири болып табылады.