Ата-анам маған ғамхорлық етеди!
Ата-анаңның миннетлери: сени бағыў, тәрбиялаў, қатарға қосыў ҳәм өсип-өниўиңе жәрдемлесиў.
Ата-ана тәрепинен тийисли ғамхорлық көрсетилмеген, мәселен, ата-ана балаға турпайы қатнаста болған ямаса балаларды қараўсыз қалдырған жағдайлардан тысқары, ата-ананы қәлесин, қәлемесин, перзентлери олардан ажыратылмаўы тийис. Ата-анасы бөлек жасайтуғын балалар ата-анасының екеўи менен де тиккелей байланыста болыўы керек, балаға зыян келтириўи мүмкин болған жағдайлар буннан тысқары. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 9-статья)
Сен жеке өмирге ҳақылысаң. Нызам жеке ҳәм шаңарақлық турмысты, үйди, қарым-қатнас ҳәм абыройыңды ҳәр қандай қастыянлықтан қорғайды. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 16-статья)
Сениң ҳуқықларыңның қорғалыўы ҳәм олардың әмелге асыўы ушын биринши нәўбетте ата-анаң ҳәм шаңарағың жуўапкер болып табылады. Мәмлекет ата-аналардың ҳуқық ҳәм миннетлемелерин ҳүрмет етиўи тийис. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 5-статья)
Ата-ананың екеўи де бала тәрбиясы ҳәм оның өсиўи ушын жуўапкер ҳәм ҳәр қандай жағдайда да илажы барынша балаға пайдасы бар нәрселерди әмелге асырыўы тийис. Егер ата-аналар балаға ғамхорлық ете алмаса, бул ўазыйпаны орынлаў ушын басқа шахс белгиленеди. Мәмлекет ата-аналарға ҳәм олардың нызамлы қәўендерлерине балаларды тәрбиялаў бойынша өз ўазыйпаларын орынлаўға жәрдем бериўи ҳәм балалар бақшалары тармағының раўажланыўын тәмийинлеўи керек. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 18-статья)