konvensiya.jpg

Бул Конвенция мен ҳаққында

Балалар ҳуқықлары ҳаққында халықаралық конвенция пикири 1959-жылы Балалар ҳуқықлары декларациясы қабыл етилгеннен кейин пайда болды. Бирақ бул ҳүжжетти таярлаўға бираз ўақыт жумсалды. Арадан 30 жыл өтип, 1989-жылы 20-ноябрьде БМШ Бас Ассамблеясы Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияны қабыл етти.

Конвенция балалар ҳуқықларын қорғаўға кепиллик бериўши биринши халықаралық ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Өзбекстан Республикасы 1992-жылда бул Конвенцияға қосылып, балалардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бойынша бир қатар халық аралық ҳуқықый миннетлемелерди өз мойнына алды.

Конвенция бойынша мен қандай ҳуқықларға ийемен?

Конвенцияның биринши бөлиминде «бала» түсинигине анықлама берилип, оның ҳуқықлары - жасаў, пуқаралық, өз пикирин билдириў, ата-анасының ким екенлигин билиў ҳуқықы ҳәм басқалар көрсетилип өтилген.

Ҳүжжет зорлық ҳәм қураллы жәнжеллердиң жәбирлениўшиси болған, сондай-ақ, нызамды бузған ямаса еркинен айрылған балаларды ҳуқықый қорғаўды нәзерде тутады. Сондай-ақ, ол балаларды айырым унамсыз нәрселерден (нәшебентлик ҳәм психотроплық затлар, балалар саўдасы, оларды нызамға қайшы мақсетлерде пайдаланыў) қорғаў менен байланыслы.

Балалар ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияны ратификациялаған ямаса оған қосылған ҳәр бир мәмлекет өз миллий нызамшылығын оның қағыйдаларына муўапық қайта көрип шығыўы шәрт.

Бурын бала күтими тек бала қорғаўға мүтәж болғанында әмелге асырылатуғын еди. Конвенцияның қабыл етилиўи менен улыўма жаңа түсиник белгиленди. Ол ғамхорлық ҳәм қорғаў мийрим-шәпәәт көрсетиў емес, ал ҳуқық екенлигин атап өтеди.

Конвенцияның екинши бөлими ҳүжжетти ратификациялаған мәмлекетлер тәрепинен оған қатаң әмел етилиўи үстинен қадағалаў системасын, соның менен бирге, оның мазмуны туўралы хабардар етиў тәртибин белгилейди. Сол мақсетте БМШның Балалар ҳуқықлары бойынша Комитети дүзилген болып, оған кең көлемли ўәкилликлер берилген.

Конвенцияның үшинши бөлими мәмлекетлер тәрепинен оның талапларын қабыллаў ҳәм орынлаўдың ҳуқықый аспектлерин белгилейди.

Aldıng’ı Keyingi