Дискриминация (кемситилиў) деген не ҳәм ол қандай кѳринисте болады?
Дискриминация, бирдей жағдайда, айырым адамларды белгили бир топар яки категорияға тийисли деп санап, басқаларға қарағанда оларға жаман мүнәсибетте болыў жағдайында жүзеге келеди.
Адамлар ѳзлериниң жасы, имканияты шекленгенлиги, миллети, келип шығыўы, сиясий кѳз-қарасы, расасы, жынысы, тили, мәденияты ҳәм басқада белгилери себепли дискриминацияға ушыраўы мүмкин.
Адамлардың надурыс пикири себепли келип шығатуғын дискриминация, адамларды шарасыз қалдырады, олардың актив пуқара болыўына, кѳнликпелерин арттырыўға, кѳпшилик ўақытта жумысқа орналасыўына, денсаўлығын сақлаўда, билим алыўға яки турақ жай менен тәмийинлениўине кесент етеди.
Дискриминацияның түрлерине бир неше мысаллар келтирип ѳтемиз.
Расалық ҳәм этникалық дискриминация. Раса айырыў дегенимиз аңлы ҳәм аңсыз рәўиште бир расаның екинши расадан үстем деп билиўши кѳз-қарас.
Сондай-ақ “ксенофобия” деген түсиник те бар болып, ол сырт елли адамлар яки сырт ел мәдениятынан патологиялық қорқыў сезимин билдиреди. Басқаша қылып айтқанда, жат адамларды ҳәм шет елликлерди унатпаўшылық сезими .
Гендерлик дискриминация. Дүньяның кѳплеген мәмлекетлеринде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын кемситиўши нызамлар, нормалар, үрп-әдетлер ҳәм кѳз-қараслар бар. Гейде олар кишкене балалары болғанлығы яки балалы болыўды жобаластырғанлығы себепли дискриминацияға ушырайды.
Майыплығы себепли дискриминация имканияты шекленген адамлардың мектепке барыў, жумысқа орналасыў, ѳзиниң турақ жайына ийе болыў, шаңарақлы болыў ҳәм перзент тәрбиялаў, жәмийеттиң турмысында қатнасыў мәселелеринде мүмкиншиликлериниң, имканияты шекленбеген адамларға қарағанда кемирек болыўы кѳринисинде болады.
Ѳзбекстанда расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўына қарамастан барлық адамлардың ҳуқықлары Конституция, нызамлар ҳәм басқа да ҳуқықый-норматив ҳүжжетлер менен кепилленген. [1]
Пуқаралардың тең ҳуқықлық принципи, олардың дискриминация қылыныўына жол қойылмаў Конституцияның 18-статьясында белгилеп қойылған, ҳәм: «Ѳзбекстан Республикасының барлық пуқаралары теңдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, кѳз-қарасы, жеке ҳәм жәмийеттеги орнына қарамастан нызам алдында тең»-деп қойылған. [2]
Дискриминацияға шек қойыў ушын, биринши гезекте ѳзлеримизден баслаўымыз керек. Барлығымыз тең ҳәм бирдей ҳуқыққа ийе екенлигимизди билиўимиз зәрүр.