Егер ата-анам маған ғамхорлық ете алмаса не болады?
Балаларға тийисли ҳәр қандай ҳәрекетте балалардың мәплерин қанаатландырыў биринши орында турыўы керек.
Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияға муўапық, ҳүкиметлер балалардың ата-аналары, ямаса, керек болса, басқалар тәрепинен қорғалыўын ҳәм оларға ғамхорлық етилиўин тәмийинлеўи шәрт. Сондай-ақ, ҳүкиметлер, балаларға ғамхорлық етиў ушын жуўапкер шахслардың ҳәм уйымлардың өз жумысларын жақсы орынлаўын тәмийинлеўи керек. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 3-статья) [1]
Шаңарағы менен жасаў мүмкиншилиги жоқ бала мәмлекет тәрепинен қорғалыўға ҳәм жәрдем алыўға ҳақылы. Бала оның динине, мәдениятына ҳәм тилине ҳүрмет көрсетилетуғын шаңараққа ямаса балалар шөлкемине жайластырылыўы мүмкин. (Бала ҳуқықлары ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 20-статья)
Егер бала ата-анасының екеўиниң де қазасы, ата-анасының аўыр кеселлиги, төмен турмыс шәраяты себепли ямаса қәўендери жоқ болып, ата-анасы менен бирге жасай алмаса, ол жағдайда оны жаңа ата-ана қабыллап алады. Бул процесс «асырап алыў» деп аталады.
Асырап алыў нызам шеңберинде әмелге асырылыўы керек ҳәм асырап алыў нәтийжесинде баланың өмири ҳәм турмыс шәраяты жақсыланған жағдайда ғана әмелге асырылыўы мүмкин. Асырап алыўға ата-аналар, нызамлы ўәкиллер ҳәм басқа барлық мәпдар адамлардың еркли разылығы менен жол қойылады. Бул шахслар асырап алыўдан пайда алыў ҳуқықына ийе емес (мысалы, пул алыў арқалы). (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 21-статья)
Егер бала өз шаңарағы менен жасамаса (мәселен, жағдайына байланыслы емлеўханада, қәўендер шаңарақта ямаса балалар бақшасында болса) баланың жағдайы жақсы екенлигин ҳәм оның жасаў орны баланы қанаатландыратуғынлығын анықлаў мақсетинде баланың жағдайы ҳәм жасаў шәраятлары турақлы түрде тексерилип турыўы керек. (Бала ҳуқықлары ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 25-статья)
Ата-ана қараўысыз қалған балаға ғамхорлық етиў ҳуқықы басым көпшилик жағдайларда бул ўазыйпаны орынлай алатуғын ағайинлерине бериледи. Егер баланы шаңараққа жайластырыў мүмкиншилиги болмаса, баланы қәнигелестирилген мәкемелерге жайластырыў соңғы илаж болып есапланады. (Социаллық тәрептен әззи балалардың шаңарақ орталығына болған ҳуқықларының кепилликлери, Бала ҳуқықлары кепилликлери ҳаққында, 24-статья)