безопасность.jpg

Маған зыян келтириўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ!

Ересек адамлардың ҳеш бири саған турпайы қатнас жасаўы яки сени қәўип астына қойыўы мүмкин емес.

Ҳеш ким саған зыян келтириўге ҳақылы емес – ҳәтте, ата-анаң да. Ҳәмме балалар ҳәр қандай зорлық (физикалық, психологиялық), итибарсызлық яки немқурайдылық, турпайы қатнас ҳәм эксплуатациядан қорғалған болыўы тийис. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 19-статья)

Сен нәшебентлик затлардан қорғалған болыўың тийис. Нәшебентлик затларды сатып ала алмайсаң, сата алмайсаң ямаса ислеп шығара алмайсаң. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 33-статья )

Сениң тынышлығыңа зыян келтириўи мүмкин болған барлық түрдеги эксплуатациядан (сеннен пайдаланыў) қорғаныўға ҳақылысаң. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 36-статья)

Ҳеш ким сени алып кетиўге, пайда табыў ямаса сатыў мақсетинде урлап кетиўге ҳақысы жоқ. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 35-статья)

Егер сени мәмлекеттен нызамсыз алып шықса: биреў урлап кетсе, яки, ата-анаңның биреўиниң разылығысыз олардың екиншиси сени сырт елге алып кетсе ямаса сырт елде услап турса, қайсы елде екенлигиңе қарамастан, ҳүкимет сени азат етиў ушын барлық ҳәрекетлерди әмелге асырыўы тийис. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 11-статья)

Aldıng’ı Keyingi