Мен билим алыў ҳуқықына ийемен
Ҳәр бир инсан билим алыў ҳуқықына ийе. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 41-статьясында: «Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе. Бийпул улыўма билим алыўға мәмлекет тәрепинен кепиллик берилген. Мектеп иси мәмлекеттиң бақлаўында болады» делинген.
Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамының 4-статьясында да билим алыў ҳуқықы белгилеп берилген ҳәм оған кепиллик берилген.
«Жынысы, тили, жасы, расасы, миллети, исеними, дини, социаллық шығысы, хызмет түри, жәмийетлик аўҳалы, жасаў орны, Өзбекстан Республикасында жасаў мүддетине қарамастан, ҳәр бир адам билим алыўда тең ҳуқықлы болып табылады».
Билим алыў ҳуқықына төмендегилер киреди:
- мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў;
- ислеп шығарыўдан ажыралған ҳалда ҳәм ислеп шығарыўдан ажыралмаған ҳалда оқытыўды шөлкемлестириў;
- мәмлекетлик билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламалары тийкарында бийпул билимлендириў, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелеринде шәртнама тийкарында төлемли кәсип-өнер билимлендириўи;
- Барлық түрдеги билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери кейинги билимлендириўди алыўда тең ҳуқықларға ийе.
- Үй шәраятында билим алған пуқаралар аккредитациядан өткен билимлендириў мәкемелеринде имтихан тапсырыўы ҳәм билими ҳаққында гүўалық алыўы мүмкин.
- Басқа мәмлекетлердиң пуқаралары халықаралық шәртнамаларға муўапық Өзбекстан Республикасында билим алыў ҳуқықына ийе.
- Республикада жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен бирдей билим алыў ҳуқықына ийе.
Мәмлекетимизде имканияты шекленген балалардың билим алыў ҳуқықларына кепиллик берилген, оның ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери ашылған. Буннан тысқары, мектепке бара алмайтуғын имканияты шекленген балалар үй шәраятында өз бетинше оқыў ҳуқықына ийе. Усының менен бирге, имканияты шекленген балаларға тең мүмкиншиликлер жаратыў мақсетинде инклюзив түрде билимлендириў жолға қойылған.