soglom.jpg

Мен саламат болыўға ҳақылыман!

Барлық балалар жақсы шәраятта өсиўи керек.

Ҳәр бир бала жасаў ҳуқықына ийе. Ҳүкиметлер илажы болғанынша ҳәр бир баланың аман қалыўы ҳәм саламат раўажланыўын тәмийинлеўи керек. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 6-статья)

Ҳәр бир бала төмендеги ҳуқықларға ийе: медициналық жәрдем алыў, таза ишимлик суўы, саламат азық-аўқат ҳәм таза ҳәм қәўипсиз орталықта жасаў ҳуқықлары.

Мәмлекет балалар өлими, кеселликлер ҳәм тойып аўқатлана алмаў жағдайлары дәрежесин азайтыўға, ҳәр бир баланың абаданшылығы ушын гүресиўге жуўапкер болып табылады.

Ҳәр бир бала өзиниң физикалық, интеллектуаллық, руўхый, этикалық ҳәм социаллық раўажланыўы ушын мүнәсип турмыс дәрежесине ийе. Ҳәр бир ата-ана өз қәбилети ҳәм финанслық мүмкиншиликлеринен келип шығып, баланың раўажланыўы ушын шәраят жаратыўы тийис. Егер баланың ата-анасы ямаса қәўендери ушын азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм турақ-жай менен тәмийинлеў қыйын болса, онда мәмлекет жәрдем бериўи тийис. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 27-статья)

Ҳүкиметлер кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерине материаллық ямаса басқа жәрдем көрсетиўи тийис. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 26 -статья)

Мәмлекет ҳәр бир балаға нызамға муўапық бийпул медициналық жәрдем көрсетиўге кепиллик береди.

Он төрт жастан өткен балалар медициналық араласыўға разылық бериў ямаса оны бийкарлаў ҳуқықына ийе.

Баланың өмирине, денсаўлығына ҳәм өсиўине зыян келтиретуғын ҳәр қандай илимий тәжирийбелерди ямаса басқа тәжирийбелерди өткериў қадаған етиледи. (Денсаўлықты сақлаў бойынша Бала ҳуқықлары кепилликлери, Бала ҳуқықлары кепилликлери ҳаққында, 22-статья)

Aldıng’ı Keyingi