Нызам бәрҳа сиз тәрепте
Биз нызам үстинлиги ҳәм адам ҳуқықлары қорғалатуғын демократиялық жәмийетте жасап атырмыз. Өзбекстанда нызам үстинлиги, Конституцияның мәмлекеттиң тийкарғы Нызамы ретинде тән алыныўы сөзсиз мойынланады. Мәмлекет, оның уйымлары, лаўазымлы шахслар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм пуқаралар Конституцияға ҳәм нызамларға муўапық ҳәрекет етеди.
Сиз дүньяға келгениңизден баслап барлық ҳуқықларыңыз нызам менен қорғалған.
Мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы – Конституцияда жасаў, билим алыў, денсаўлықты сақлаў, социаллық теңлик, сөз ҳәм ҳүждан еркинлиги ҳуқықларына кепиллик берилген. Мысалы, сиз бийпул улыўма орта билим алыў, яғный мектепке барыў ҳуқықына ийесиз.
Мәмлекетимиздиң барлық пуқаралары бирдей ҳуқықларға ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысының, расасының, миллетиниң, тилиниң, дининиң, социаллық шығысының, исенимлериниң, жеке ҳәм жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарамастан нызам алдында тең.
Өзбекстан Республикасы Конституциясында ҳәр бир адам еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. Нызамға тийкарланбай турып ҳеш ким қамаққа алынбайды ямаса қамақта сақланбайды.
Ҳәр бир адам өзи авторы болған илимий, әдебий ямаса көркем шығармаларға байланыслы өз мәплерин қорғаў ҳуқықына ийе.
Ҳәр бир адам қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Ҳәр бир адам ой-пикир, сөз ҳәм исеним еркинлигине ийе.
Ҳәр бир адам өзи қәлеген мағлыўматты излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына ийе.
Ҳәр бир ер жеткен (18 жас) адам сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе.
Ер жетпегенлер, майыплар ҳәм жалғыз кекселердиң ҳуқықлары мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Мәмлекет пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен бекитилген ҳуқықларын және еркинликлерин тәмийинлейди.