Сен билим алыўға ҳәм дем алыўға ҳақылысаң
Балалар дем алыў, жасына сай ойынлар ҳәм кеўилашар илажларда қатнасыў, сондай-ақ, мәдений турмыста еркин қатнасыў ҳәм көркем-өнер менен еркин шуғылланыў ҳуқықына ийе. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 31-статья)
Балалар денсаўлығына қәўип туўдыратуғын, билим алыў ямаса раўажланыўына тосқынлық ететуғын жумысларды орынлаўдан қорғаныў ҳуқықына ийе. Егер балалар жумыс ислесе, олар қәўипсиз мийнет шәраятларына ҳәм әдалатлы мийнет ҳақы алыў ҳуқықына ийе. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 32-статья).
Ҳәр бир бала мийнет етиў, искерлик түри ҳәм кәсибин еркин таңлаў ҳуқықына ийе. Буннан тысқары, балалар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жасына, денсаўлығына ҳәм кәсиплик таярлығына сай әдалатлы мийнет шәраятларынан пайдаланыў ҳуқықына ийе.