Сен өз пикириңди билдириў ҳуқықына ийесең
Сен қәлеген нәрсе ҳаққында ойлаў ҳәм пикир билдириўде ерклисең.
Сен өзиңе қатнасы бар барлық мәселелер бойынша өз пикириңди билдириў ҳуқықына ийесең. Жасыңа сай ҳәм есейгенлигиңди есапқа алып, сениң көз-қарасларың ҳүрмет етилиўи ҳәм итибарға алыныўы керек. Саған қатнасы бар әҳмийетли бир шешимди қабыллаўдан алдын, көрип шығылып атырған мәселе бойынша саған өз пикириңди билдириў мүмкиншилиги берилиўи тийис. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 12-статья) [1]
Сен өз пикириңди еркин билдириў ҳуқықына ийесең. Бул сениң мағлыўмат ҳәм идеяларды излеў, алыў ҳәм басқаларға жибериўге еркли екенлигиңди аңлатады. Сен өз пикириңди, нызам ҳәм басқалардың ҳуқықларын ҳүрмет еткен ҳалда, даўыслы хабарлар, көркем-өнер дөретпелери ямаса сүўретлер көринисинде аңлатыўың мүмкин. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 13-статья) [1]
Сен ойлаў, ҳүждан ҳәм динге исениў еркинлиги ҳуқықына ийесең. Сениң диниң ямаса исенимиң еркинлигине тек нызамда белгиленген шеклеўлер болса, мәселен, бул жәмийет қәўипсизлигине ҳәм тәртибине қәўип туўдыратуғын жағдайларда ғана тыйым салыныўы мүмкин. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 14-статья) [1]
Сен басқа адамлар менен бирге ислесиў, уйымлар яки топарлар дүзиў яки оларға қосылыў ҳуқықына ийесең, егер олар нызамға қайшы болмаса ҳәм басқа адамларға зыян келтирмесе. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 15-статья) [1]