sud.jpg

Судьялар сизиң жасыңызды есапқа алады!

Суд системасы ўәкиллери балаларға ересеклер сыяқлы мүнәсибетте болмаўы керек.

Нызамды бузып, айыплы деп табылған балаларға өлим жазасы, қыйнаўлар, турпайы қатнас, өмирлик қамақ ҳәм ересек адамлар менен бирге қамақта болыў жазасы қолланылмаўы тийис. Қамақ тек соңғы шара ретинде ҳәм ең қысқа мүддетке қолланылады. Еркинен айрылған балалар юридикалық жәрдем алыўы ҳәм шаңарақлары менен байланысып турыў мүмкиншилигине ийе болыўы шәрт. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 37-статья )

Жынаят ислеп, нызамшылықты бузған балалар олардың абырайын ҳәм қәдирият сезимин жетилистириўши ҳәм басқалардың инсан ҳуқықлары ҳәм тийкарғы еркинликлерине ҳүрметти беккемлеўши мүнәсибет ҳуқықына ийе. Мәмлекетлер тәрепинен балалардың жәмийетке пайдалы ағза болып жетилисиўине жәрдемлесиў мақсетинде түрли илажлар әмелге асырылмақта. Қамақ жазасы тек соңғы илаж ретинде қолланылыўы тийис. (Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция, 40-статья)

Aldıng’ı Keyingi