Цветок.png

Бѳлмедеги джунгли яки не ушын үйде гүл ѳсириўимиз зәрүр?

Үйимиз ҳәм офисимизге үй ѳсимликлери яки гүллер сыяқлы ҳеш нәрсе шырайлы кѳрик бере алмайды. Үйге гүл алып келип қойыў эстетиклық жақтан пайызлы есапланады. Сондай-ақ, гүллердиң саламатлығымызға да кѳп пайдасы тийеди!

Кѳплеген изертлеўлер нәтийжеси үйдеги гүллер адамларға унамлы тәсир кѳрсететуғынын дәлиллеген, яғный:

  1. Кеўил-кейпиятты кѳтереди;
  2. Шаршағанды шығарады;
  3. Стресс ҳәм тәшўишти кемейтеди;
  4. Дыққатты жәмлеўди жақсылайды;
  5. Ҳаўаны тазалаўы нәтийжесинде бас аўырыўлары азаяды;
  6. Териниң қурғап кетиўин ҳәм қурғақ ҳаўа ақыбетинде пайда болатуғын респираторлық кеселликлерди кемейтеди;

Кѳплеген үй гүллери ҳаўадағы зыянлы затларды ѳзлерине сиңдирип алады.

Сондай-ақ, бѳлмедеги шаңды да сиңдирип алады.

Үйдеги гүллер ҳаўаның сапасын басқа да усыллар менен жақсылайды.

Гүллер ҳаўаға ѳзлеринен суў ажыратып шығарып, ҳаўаны ығаллап турады ҳәм оның қурғап кетиўинен сақлайды.

Ҳаўадағы кислород муғдарын асырады. Углекислый газларды ѳзине сиңдирип, фотосинтез арқалы кислород бѳлип шығарады.

Үйде гүл ѳсириў ѳзиңе ҳәм шаңарақ ағзаларыңа ләззет бағышлайды.

Сондай-ақ, қайсы гүллер (олеандр, дурман) зәҳәрли екенлигин билип қойыў да жүдә әҳмийетли. Егер сенде дем қыспа яки аллергия болса, олардың асқыныўына себепши болатуғын гүллер түрине дыққатлы болыўың зәрүр.

Aldıng’ı Keyingi