Градусник сынса не ислеў керек?
Сынап — градусник (термометр) қурамындағы суйықлық. Егер градусник сынып, ишиндеги сынап аз муғдарда тѳгилгенде, ақыбетлерин ѳз бетиңше сапластырыўға болады. Егер тѳгилген сынап муғдары кѳп болса, дәрҳал тийисли қәнигелерди шақырыў керек.
- Ислениўи тийис болған биринши шаралар:
- Бул ҳаққында ересеклерге хабар бер;
- Градусник сынған бѳлмениң әйнеклерин ашып қой, ал есик жабық болыўы керек (самал айланысына (сквозняк) жол қоймаў керек);
- Градусник сынған орынды шегаралап қой, бѳлмениң ишине тарқалмаўы ушын аяқ кийим менен баспа;
- резина қолғапларын кийиў керек;
- аяғыңа полиэтилен қалта яки бахила кийиў керек;
- дем алыў органларын қорғаў ушын сода еритпесине яки суўға батырылған сийледен орам исле.
- Сынапты жыйнап ал.
Дыққат! Сынапты жыйнағанда тѳмендегилерге жол қойма:
- Сипсе менен сыпырма;
- Шаңжутқыш пенен тазалама, себеби шаңжутқыштан шыққан ҳаўа суйық металлдың пуўланыўын күшейтеди.
Тѳгилген сынапты ҳәм градусник бѳлеклерин пуқталық пенен жыйнап, салқын суў қуйылған банка ишине сал. Банкадағы суў сынаптың пуўласып кетпеўи ушын керек.
Кишкене тамшыларды тѳмендегилер жәрдеминде жыйнаўға болады:
- шприц;
- клизма ушын арналған резина шар;
- ығалланған 2 бет ақ қағаз яки газета;
- пластырь;
- скотч;
- ығал пахта;
- пластилин;
- суўға батырылған сүўрет салыў яки сақал алыў кисточкасы.
Барлық киши жарықларға түскен сынапты пуқталық пенен жыйнап ал! Егер оны жыйнаўға кѳп ўақыт сарыпланса, ҳәр 15 минуттан тәнепис қылып, таза ҳаўаға шығып тур.
- Айрықша жағдайлар басқармасына қоңыраў ет (1050). Сынап жыйналған банканы АЖБ яки радиохимиялық қәўипсизлик хызмети қәнигелерине тапсыр. Сынған градусникти ҳәм жыйналған сынапты тасландыға таслаў, сынапты канализацияға тѳгиў қатаң түрде қадаған етилген.
- Сынап тѳгилген орынды хлорлы еритпе яки хлорамин менен жуўып тазала, айрықша жағдайларда сабын ҳәм сода араласқан еритпе (30 г сода, 40 г қырғыштан ѳткерилген сабын, 1 л суў) менен тазала.
- Сынапты тазалап алғаннан соң: ⠀
- Бѳлмени самаллатып ал;
- Аяқ кийимниң ултанын марганцовка менен жуўып тазала;
- Қолғап ҳәм тазалағанда пайдаланылған барлық нәрселерди шығындылар менен ислесиўши бѳлимге тапсыр;
- Тислериңди пуқта тазала;
- 2-3 таблетка активлестирилген кѳмир қабылла;
- Кѳп муғдарда суйықлық иш.