Пайдаланыўдың саналы түри яки қалайынша нәрселерге екинши өмир инәм етиўге болады?
Адамлар тәбийий ресурсларды Жердиң қайта толықтырыўы мүмкин болғанынан 50%ға артық пайдаланады. Егер усы тақылетте даўам ететуғын болса, зәрүрлигимиздиң барлығын қанаатландырыў ушын бизге бир нешше планета керек болады. Машқала сонда, инсанның тиришилик етиўи ушын басқа ҳеш қандай да орын жоқ. Усыған байланыслы, атақлы компаниялардың бағыты турақлы модаға қаратылған.
Бул принцип бойынша жумыс алып барыўшы брендлер кийим-кеншеклерди пуқта, қоршаған орталыққа кем зыян келтиретуғын материаллардан пайдаланған ҳалда ислеп шығарыўға ҳәрекет етеди. Олар қайта исленген материалларды яки органикалық пахта, зығыр ҳәм бамбук сыяқлы тәбийий тоқымаларды таңлайды.
Шығынды қутысына тасланған кийим, аяқ кийим ҳәм басқа да қосымша безеўлер тасланды таслаў орынларына келип түседи. Ол жерде оларды еки нәрсе күтеди: олар узақ ўақыт сол жерде жатып ширийди ямаса өртеп жибериледи. Буның екеўи де тәбиятқа зыян келтиреди. Буның орнына затларға екинши өмир бериўге болады. Егер олардан бийзар болсаңыз, оларды досларыңызға яки ағайинлериңизге бериўге, онлайн тәризде сатыўға ямаса мүтәж адамлар ушын зат жыйнайтуғын орайларға апарып бериўиңизге болады.
Тозыўы жеткен кийимлерди екилемши шийки зат пенен шуғылланыўшы арнаўлы хызметлерге қайта ислеўге тапсырыўға болады. Кейин бул затлар ушын еки жол пайда болады. Бириншиси – қурылыс материалы, сыпырыў дасмалы, жыллылықты услап қалыўшы, шаўқымды услап қалыўшы материал ямаса шарикли ручкаға айланыў, ал екиншиси – таза футболка яки пальто көринисинде қайтадан дүканларға түсиў.
Ақыры, тез өзгериўши моданың орнын саналы пайдаланыў басты. Оның тәрепдарлары сапалы материаллардан тек жүдә зәрүр нәрселерди сатып алыўды усыныс етеди. Бул турмысымызды келешекте сезилерли дәрежеде жақсы тәрепке өзгертиўи тийис. Ҳәзирги ўақытта кир болмайтуғын материалларды, ямаса жуўыў талап етилмейтуғын нәрселерди ислеп шығарыў үстинде жумыслар алып барылмақта. Саналы пайдаланыўшы болыўға ҳәрекет етип, нәрселерге екинши өмир бағышлаң.