Бутылки.png

Тәбиятты асыра — пластик ыдыслардан ўаз кеш!

Суў ушын арналған пластик ыдыслар ҳәр күн сайын ислеп шығылып, қоршаған орталықты ең кѳп патаслайтуғын дерек есапланады. Олар онлаған жыллар даўамында ыдырап, ѳзлеринен топыраққа ҳәм суўға зыянлы затлар ҳәм микро-пластик бѳлекшелери ажыратып шығарады. Бул зыянлы затлар адамның азық-аўқат шынжырына келип түседи. Тәбиятта ҳәмме нәрсе тең салмақлық пенен жаратылған. Планетаны патаслаўшы шығындылар топыраққа келип түседи яки пуўласып кетеди. Буның нәтийжесинде, адам шығындылар менен дем алады ҳәм азық-аўқатлар менен бирге зыянлы затларды қосып қабыллайды.

Кейинги он жыллықта пластик шийкизатын қайта ислеў жүдә нәтийжели қолланылмақта, бирақ шығындылардың кѳпшилик бѳлеги елеге шекем тасланды орынларына шығарып тасланып, сол жерде жыллар даўамында топланып қалады. Орташа кѳлемдеги қалалардың шығынды полигонларында тек ғана бир жыл мүддеттиң ѳзинде неше жүз мың тонналап турмыслық шығындылар топланып бармақта. Үлкен қалалар қоршаған орталықты бираз тез пәт пенен патаслайды. Шығынды орынларының кѳлеми жүдә үлкен тезликте ѳсип бармақта. Олар қунарлы топырақларды зыянлап, сол жердеги ѳсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясын набыт етип, жақын жердеги елатлы аймақларға жақынласып, адамларды зәҳәрлемекте.

Океан менен қурғақлықты теңизге қуйыўшы ҳәм ҳәр қыйлы патаслаўшы затларды тасыўшы дәрьялар тутастырып турады. Топыраққа араласқанда ыдырап кетпейтуғын химиялық затлар, тѳгинлер (әсиресе нитратлар ҳәм фосфатлар) нәтийжеде дәрьяларға ал кейин океанларға келип түседи. Нәтийжеде океан усындай зәҳәрлер ҳәм азықлық затлардан ибарат «коктейль» тасланатуғын орынға айланады. Буның бәри, адамлар планетаны асыраўы ҳәм экологияны ойлаўы зәрүр екенлигин билдиреди.

Ҳәзирги заман технологиялары жәрдеминде ҳәр бир адам пластик шығындылардың муғдарын кемейтиў имканиятына ийе. Яғный, кѳп мәрте пайдаланыўға болатуғын пластиктиң басқа түрлеринен, шийшеден яки металлдан ислеген ыдысларды пайдалансақ болады.

Кѳп мәрте пайдаланыўға болатуғын ыдыслар қәўипсиз ҳәм жүдә қолайлы. Олар суйықлықтың температурасын жақсы сақлайды, сондай-ақ бир мәртелик ыдысларды сатып алған сыяқлы қайта-қайта қаржы сарыпламайсаң ҳәм шыққан қаржыларың тез қапланады. Бәрқулла оларды мектепке яки шынығыўларға барғанда қасыңда алып жүресен. Тәбиятты асыраўға биргеликте жәрдем берейик!

Aldıng’ı Keyingi