Ықлым ѳзгериўиниң адамзатқа тәсири
Ықлым (климат) бул белгили бир орындағы кѳп жыллық орташа ҳаўа райы. Ықлымның ѳзгериўи орташа кѳрсеткишлердиң ѳзгериўи дегенди билдиреди. Ҳәзирги күнде глобал температураның кѳтерилиўи нәтийжесинде жер планетасында ыссылық толқынлары, күшли самаллар, қурғақшылық, суў тасқынлары, ѳртлер ҳәм музлықлардың ерип кетиўи сықлы үлкен ықлым ѳзгерислери болмақта.
Қәнигелердиң айтыўынша, ықлымның ѳзгериўине тәсир етиўши тийкарғы фактор бул ыссыхана эффекти, яғный Жердиң жоқарғы қатламында қуяш ыссылығының топланып қалып қойыўы. Жер қуяш нурларын космосқа атмосфера арқалы қайтарады. Бул нурлардың бир бѳлеги космосқа шығып кетпестен, ҳәр қыйлы газларға сиңип кетеди. Буның салдарынан, Жер қызып, ыссыхана қатламы пайда болады ҳәм ол ықлымға тәсир етеди.
Нәтийжеде, күн даўамындағы ең жоқары ҳәм ең тѳмен температура арасындағы парық қысқарады.
Ықлым ѳзгериўиниң Ѳзбекстан ушын унамсыз ақыбетлери:
- Ҳаўа температурасының кѳтерилиўи суў ресурсларының азайыўына алып келеди;
- Экологиялық кризис нәтийжесинде жыл даўамындағы жаўын-шашынсыз күнлер саны артады;
- Топырақтағы ығаллықтың кемейиўи қурғақшылықтың тәкирарланыўы ҳәм зүрәәттиң кемейиўи қәўпин асырады;
- Арал теңизине келип түсетуғын суў кѳлеминиң кемейиўи, Әмиўдәрья дельтасының шѳлистанға айланыўын тезлетип, теңиздиң қурыған ултанында жаңа қумлықлардың пайда болыўына алып келеди;
- Атмосферада шаң-тозаң муғдарының асыўы;
- Ҳаўа-райының аўыл хожалығы егинлерине зыян жеткерип, аномал дәрежеде ѳзгериўи.
Қәнигелер тәрепинен ықлым ѳзгериўиниң алдын алыўға қаратылған бир қатар илажлар усынылады:
- Қайта тиклениўши энергия дерегинен пайдаланыўды жолға қойыў (қуяш, самал энергиялары ҳ.т.б.);
- Замангѳй энергия тежеўши технологияларды қолланыў;
- Кѳклемзарластырыў ҳәм егилген тереклер санын асырыў;
- Экологиялық жақтан таза аўыл хожалығына ѳтиў;
- Экологиялық жақтан таза транспорт түрлеринен пайдаланыў.