Экологиялық мәденият қалай қәлиплеседи?
Экологиялық мәденият ҳаққында ҳәр түрли дереклерде, интернет бетлеринде ҳәр қыйлы түсиниклер, анықламалар бар. Гей бир адамлар оны қоршаған орталыққа дослық мүнәсибет ретинде қараса, ал айырымлары тәбиятты асыраў тийис деп түсинеди.
Әпиўайы тил менен айтқанда экологиялық мәденият дегенимиз –пүткил қоршаған орталыққа қарата бизиң саналы, унамлы кѳз-қарасымыз, яғный шаңарақта, мектепте, жәмийетте қәлиплескен тәбият ҳәм қоршаған орталықты сақлаў сезими.
Оны тек жақсылық ушын пайдаланыўымыз керек. Сиз мектепте (колледжде) классласларыңыз бенен бирге қоршаған орталықты қорғаўға тырысасыз.
Енди биз жас ѳспиримлер арасында экологиялық мәденияттың қалай қәлиплесетуғыны ҳаққында сѳз етпекшимиз.
Бул түсиник ең дәслеп шаңарақ тәрбиясында қәлиплеседи, ата-анамыз буны бизге жеке үлги сыпатында үйретеди.
Кейинирек мектептеги биология, география, химия, физика пәнлери арқалы қоршаған орталықты асыраў ҳәм қорғаў туўралы билимимиз артады.
Сондай-ақ мәҳәллелерде, жәмийетлик орынларда қоршаған орталықты асыраўға байланыслы турмыслық кѳнликпелер қәлиплеседи.
Биз, жас ѳспиримлер ѳз бетимизше экологиялық мәдениятты ҒХҚ (ғалаба хабар қураллары) ҳәм интернет басылымларында жәрияланған қызықлы мақалалар арқалы қәлиплестириўимиз мүмкин.
Экологиялық мәденият – бул ҳәммемиздиң бойымызда саналы түрде қәлиплесетуғын сезим, оны әмелий ис-ҳәрекетлер арқалы ѳмиримизде раўажландырыўымыз тийис.