Экологияға жәрдем бериўши әпиўайы нәрселер (бул анық сениң қолыңнан келеди)
Планетаға жәрдем бериў ушын электр энергиясынан ўаз кешиў яки велосипедте жүриўге ѳтиў шәрт емес. Әдетлеримизди сәл ѳзгертиўдиң ѳзи жеткиликли. Шығындыны не ушын ажыратып таслаў зәрүрлиги мәселесинен басласақ. Шығындылардың бир бѳлеги, мысалы, қағаз яки картон экологияға зыянсыз ҳәм тәбиятта тез ыдырап кетеди. Бирақ, полиэтилен, пластик ҳәм пластмассаның тәбиятта ыдырап жоқ болыўы ушын 400 жылға жақын ўақыт керек (ал шийшеге 1000 жыл!). Сол ушын, екинши түрдеги шығындылар қайта ислеўге жибериледи ҳәм олардан жаңа ѳнимлер алынады. Мысалы, 670 пиво қутысынан бир велосипед ислеп шығарыўға болады. Қайта исленген материаллардан велосипед ислеп шығарыў ушын энергияның сарыпланыўы әпиўайы жол менен ислеп шығарыўға қарағанда анағурлым тѳмен болады.
Суўды ѳширип қой (тис тазалағанда, сақал алғанда яки ыдыс-табақларды жуўғанда), яғный зәрүрлик жоқ ўақытта бәрқулла суўды ѳширип қойыў. Дерлик босаған тис пастасы қутысынан паста сығып алғанша, бир минут ишинде краннан 10 литрден 20 литрге шекем суў ағып кетеди. Сол ушын, тис тазалаў ушын суўды стаканға қуйып алып пайдаланыўға ҳәрекет етип кѳр.
Дүканға барғанда ѳзиңниң пакет яки сумкаңды алып жүр. Әтираптағылардың сени мысқаллап күлгенине итибар қаратпа. Себеби, сен пластиктиң тәбиятта ең кѳп ўақытта ыдырайтуғын шығынды екенлигин билесең (буған қосымша, пакетлердиң баҳасы да арзан емес, сен артықша шығын шығармайсаң!). Экологиялық жақтан ең таза вариант, бул бѳзден тигилген сумкалар.
Баспа ушын қағаздың еки тәрепин де пайдалан. Баспа (принтерден басыў) ушын қағаздың еки тәрепинен де пайдаланыў тек ғана қаржыны емес, ал ресурсты да үнемлейди. А4 форматтағы 1 бет қағазды ислеп шығарыў ушын 70 граммға жақын терек ағашы ислетиледи. Үйде ресурсларды үнемлеў ушын принтерди автомат түрде еки тәреплеме баспа қылатуғын қылып сазлап қойыў керек.