Fast-fud тек ғана сизиң денсаўлығыңызды емес, бәлким қоршаған орталықты да қалайынша "зыянлайды"?
Fast-fud – бул тез, мазалы ҳәм қолай. Бирақ, бургер жегениңиз яки газли ишимлик суў ишкениңизден кейин қандай белги қалдыратуғынын ҳеш ойлап көргенсиз бе?
- Үйилген шығындылар ️🗑️
Ҳәр сапары fastfudтан аўқат алғаныңызда, сизге пластикалық қуты, бир мәртебе ислетилетуғын вилкалар, трубочкалар, пакетлерди береди. Булардың барлығы дәрҳал арнаўлы шығындылар тасланатуғын орынға тасланады, пластикалық ыдыслар болса жүз жыллар даўамында ширийди! Мәселен, пластмассадан таярланған кола ишимлигиниң ыдысы сизден де узағырақ жасаўы мүмкин. 😨
- Тоғайларды кесиў 🌳
Билесиз бе, бургерлер ушын тропикалық тоғайлардың тереклери шабылады. Қара мал фермалары жүдә үлкен аймақларды ийелейди ҳәм олар ушын ҳаўаны тазалайтуғын ҳәм кислород ислеп шығаратуғын тереклер жоқ етиледи.
- Ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы 💨
Fastfudта гөш ислеп шығарыў ушын көп суў керек болады- бир дана бургерге шама менен 2 500 литр! Шарўашылық фермаларынан шығып атырған карбонат ангидрид гази болса климат өзгериўин тезлестирмекте.
Не ислесе болады? ✅
✔ Kемирек пластикалық ыдыслар ислетилетуғын мәкемелерин таңлаң - мәселен, азық-аўқат ушын өзиңиздиң стакан яки ыдысыңызды алып келиң.
✔ Қосымша салфеткалар ҳәм бир мәртебе ислетилетуғын ыдысларды алмаң, егер оларсыз да мүмкин болса.
✔ Айырым пайытлары тез таярланатуғын аўқатларды үйде писирилген аўқат пенен алмастырың – бул саламат ҳәм экологиялық тәрептен қолайлы болып табылады.
✔ Fast-fudқа буйыртпа берсеңиз, ыдысларды тасламаң, бәлким оны қайта ислеўге тапсырың.
Сиз қабыл еткен ҳәр бир қарар планетамыз ҳәм денсаўлығыңызға тәсир етиўин умытпаң! 💚♻
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)