23

Сизиң гаджетиңиз де планетаны патасландырады! Буны қәйтип дүзетиў мүмкин?

Заводлар ҳаўаны патаслап атырғаны ҳәм автомобильлер зыянлы газлер шығарыўы ҳаққында бир неше рет еситкен шығарсыз. Бирақ , телефоныңыз, ноутбокиңиз яки ойын планшетиңиз де қоршаған орталыққа зыян жеткеретуғынын ҳеш ойлап көргенсиз бе?

💡 Гаджетлер ислеп шығарыў. ушын литий ҳәм кобальт сыяқлы қымбат баҳалы металлар керек болады. Олар шахталарда қазып алынады, тәбиятты зыянлайды ҳәм суўды патасландырады. Заводлар атмосфераға карбонат ангидрид шығындыларын көбейттиретуғын үлкен муғдарда энергия сарплайды.

🔋 Қурылманы қуўатландырыўда тәбиятқа жүклеме. Егер сиз ҳәр күни түнде телефоныңызды қуўатландырсаңыз, ол көбинесе көмир яки газ жағатуғын электр станцияларында ислеп шығарылатуғын электр энергиясын жумсайды. Бул климат өзгериўине үлес қосады.

🗑️ Гөне гаджетлер менен не нәрсе жүз береди? Kөпшилик оларды әпиўайы шығынды таслаў орнына таслайды, лекин, электрон шығындыларда да топырақ ҳәм суўды зыянландырыўы мүмкин болған қәўипли затлар бар.

💚 Планетаға жәрдем бериў ушын не ислеў керек?

Гаджетлериңизден узағырақ пайдаланың– телефоныңыз ислеп турған болса, оны алмастырыўға асықпаң.

Батарея әллеқашан зарядланған болса, қуўатландырыўшыны өшириң.

✅ Гөне әсбап-үскенелериңизди таслап жиберместен, қайта ислеўге тапсырың.

Kемирек энергия сарплаў ушын телефоныңызда қуўатлылықты үнемлеў режимин таңлаң.

Қурылмаларыңызды жаңадан сатып алыў орнына, егер олар бузылған болса, оңлатың.

Ҳәр биримиз тәрепинен әмелге асырылған бундай киши қәдемлер де гаджетлерден зыянды кемейттириўге ҳәм технологияларды және де экологиялық таза етиўге жәрдем береди! ♻💚

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi