"Патас/патасланған ҳаўа" не мәнисти аңлатады ҳәм не ушын қәўипли?
Өзбекстандағы ҳаўаның патасланыўы дәрежеси айырым пайытлары нормадан бир неше есе асып кетиўин еситкен болсаңыз керек. Бирақ, бул нени аңлатады?
Ҳаўада майда бөлекшелер бар – шаң, шығынды газлер, түрли заводлардан шығып атырған түтинлер. Бул бөлекшелер соншелли кишкене, оларды көрип болмайды, лекин олар өкпемизде, айырымлары болса ҳәттеки қанымызға да кириўи мүмкин! Әсирес, PM2.5 бөлекшелери қәўипли – олар инсан шашынан 30 есе жиңишке. Сайтларда патасланыў дәрежеси "нормадан 19 есе жоқары" деген мағлыўматты көрсеңиз, бул зыянлы бөлекшелер ҳәдден тысқары көплигин ҳәм бундай ҳаўадан дем алыў денсаўлық ушын зыянлы екенлигин аңлатады.
Ҳаўаның сапасы ҳаққындағы мағлыўматларды қалайынша түсиниў мүмкин?
Арнаўлы AQI (Air Quality Index) шкаласы – ҳаўа сапасы индекси бар. Ол ҳаўаның қаншелли қәўипсизлигин көрсетеди:
🟢 0–50 – ҳаўа таза, биймәлел сейил етиўге болады.
🟡 51–100 – идеал емес, лекин мақул.
🟠 101–150 – аллергия ҳәм созылмалы дем алыў жоллары кеселликлери (астма ҳәм т.б.) менен аўырған адамлар ушын аўыр болады.
🔴 151–200 – барлық адамлар ушын зыянлы, көше де кемирек жүрген мақул.
🟣 201+ - жүдә қәўипли, илажлар көриў керек (сыртта болыўды шеклеў яки оннан қашыў, үйде ҳаўа тазалаў қуралларын иске қосыў ҳәм самаллатпаў керек).
Бүгин ҳаўа-райы қандай екенлигин қай жерден билсем болады?
Ҳаўа сапасын тексериў ушын сиз төмендегилерди ислетиўиңиз мүмкин:
📱 Сайтлар ҳәм қосымшалар:
- IQAir
- AirVisual
- Ҳаўаның патасланыў атласы
🔍 Қалаңызды киргизиң ҳәм реал ўақытта мағлыўматларды алың.
Егер AQI жоқары екенлигин көрсеңиз, бул өзиңизди қорғаў ушын ҳәрекет етиўиңиз кереклигин аңлатады. Кейинги мақала да ҳаўа патасланғанда не ислеў кереклигин айтамыз!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)