Ҳаўа патасланғанда: организмимизге қандай жәрдем бериў керек?
Сиз көшеге шықсаңыз, ол жерде күлрең думан (smog) ҳәм жағымсыз ийис бар ма? Бул мәзи думан емес, бәлким саламатлыққа зыян жеткериўи мүмкин болған патасланған ҳаўа болып табылады. Бул жағдайда денеңизди қорғаў ушын ҳәм өзиңизге жәрдем беретуғын усыллар бар!
💧 Kөбирек суў ишиң
Патасланған ҳаўа қурамында өкпеге шөгиўи мүмкин болған майда шаң бөлекшелери ҳәм зыянлы затлар бар ма? Суў токсинлерди шығарыўға көмек береди, соның ушын таза суўды әдеттегиден көре тез-тез ишиўге ҳәрекет етиң. Газли ҳәм мазалы ишимлик суўларды болса басқа жағдайлар ушын қалдырған мақул – олар жәрдем бермейди.
🚿 Душ ҳәм жуўыныў
Патаслық бөлекшелери тек өкпеге емес, бәлким тери ҳәм шашларға да түседи. Көшеден шыққаннан соң жүзиңизди жуўың, кешқурын болса, душ қабыллаң, сонда ылайды жуўып таслайсыз ҳәм уйқылап атырғаныңызда оны ийискелемейсиз.
👃 Мурныңызды жуўың
Мурында шаң ҳәм зыянлы бөлекшелер топланыўы мүмкин. Оны дуз еритпеси менен жуўып таслаң – бул дем алыўыңызды аңсатластырады ҳәм ҳаўа жолларын тазалайды. Сиз әпиўайы дуз еритпесинен пайдаланыўыңыз яки теңиз суўы бар спрей сатып алыўыңыз мүмкин (дәриханаларда сатылады).
🌿 Үйдеги ҳаўаны тазалаң
Жабық айналар патас ҳаўаны үйге киргизбеўге жәрдем береди, лекин, ол бәрибир киреди. Ҳаўа ығаллағыш шаңды шөктиреди, хлорофитум ҳәм спатифиллум сыяқлы бөлме өсимликлери болса ҳаўа сапасын бираз жақсылаўы мүмкин. Илажы болса, HEPA-фильтри ҳаўа тазалағышдан пайдаланың – ол зыянлы бөлекшелерди услап қалады.
🍏 Kөбирек антиоксидантларды жеўге ҳәрекет етиң
Aнтиоксидантлар – бул организмге зыянлы затларға қарсы гүресиўге жәрдем беретуғын ҳәм клеткалардың зақымланыўынан қорғайтуғын затлар. Олар, әсиресе, ҳаўа патасланғанда керекли әҳмийетке ийе, себеби, токсинлердиң зыянын кемейтиўге көмек береди.
Олар қай жерде көбирек?
✅ Жемислер: малина, қулпынай
✅ Цитрус мийўелери: апельсин, лимон
✅ Жанғақ ҳәм туқымлар: жанғақ, бадам, айғабағар туқымлары
✅ Овощлар: шпинат, брокколи, гешир, ләблеби
✅ Ишимликлер: көк чай, тәбийғый какао
✅ Қара шоколад (какао қаншама көп болса, соншама жақсы)
😷 Маска мәзи заманагөй аксессуар емес
Егер ҳаўа әсиресе, патас болса, майда бөлекшелерден қорғайтуғын маска кийген мақул (N95 яки усыған уқсас). Әпиўайы гезлеме маскасы сизди патасланған ҳаўадан қорғай алмайды. N95 маскасынан узақ мүддетли пайдаланыў 8 саатқа шекем қәўипсиз болыўы мүмкин. Усы ўақыт даўамында қорғаў функциясын тәмийинлеў ҳәм масканы мүмкин болған механикалық патасланыўдан қорғаў ушын N95 үстинен қорғаў маскасын кийиў усыныс етиледи, бул оның хызмет етиў мүддетин узайттырады.
💨 Oрганизмди артықша шаршатпаўға ҳәрекет етиң
Актив шынығыўлар яки узақ сейил етиў пайытында сиз көбирек ҳаўа, яғный көбирек зыянлы затларды өкпеңиз арқалы дем аласыз. Ҳаўа патас болса, спорт шынығыўларын спорт зал ишине көширген мақул.
Eнди сиз патасланған ҳаўа шараятында денеңизге қандай етип жәрдем бериўди билесиз.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)