23

Санлы белги: Интернет тәбиятты қалай патасландырады.

Интернетте тез-тез ўақыт өткересиз бе, видео көресиз бе яки ойын ойнайсыз ба? Бул онлайн ҳәрекетлер де ҳаўа-райына тәсир етиўи мүмкинлиги ҳаққында ҳеш ойлап көргенсиз бе? Бул санлы углерод белгиси деп аталады. Сиз видеолардан заўықланыўыңыз яки сүўретлерди жүклеўиңиз ушын жүдә көп энергия сарплайтуғын үлкен серверлер ислейди. Бул энергия тийкарынан атмосфераға карбонат ангидрид шығаратуғын көмир ҳәм газ электр станцияларынан алынады.

Mәселен, YouTube арқалы видео тамаша етсеңиз, 1 саат тамаша ушын сарпланған энергия телевизорыңыз бир неше күнде сарплайтуғын энергияға тең болады! Егер ҳәмме видеоларды тоқтаўсыз көриўди басласа, энергия муғдары ҳәм оның менен бирге CO2 шығындылары да артады. Өз-өзинен мәлим, бул глобал ыссылыққа алып келиўи мүмкин.

Лекин, сиз санлы белгини қысқарттырыўға жәрдем бере аласыз! Төменде бир неше әпиўайы қәдемлер келтирилген:

  1. Eски файлларды өшириў: Teлефонларыңыз яки булитузыңыз арқалы өтиң ҳәм керексиз фото сүўретлер, видеолар ҳәм қосымшаларды өширип таслаң. Серверлерде қаншама кем мағлыўмат болса, олар соншама аз энергия жумсайды.
  2. Видеоларды төменирек сапада тамаша етиң: оншама үлкен парқты сезбейсиз, лекин, серверлердеги жүк кемейеди, бул болса энергия сарпланыўын азайтыўға жәрдем береди.
  3. Стримингти шеклеў: Турақлы ағымға энергия сарпламаў ушын фильмлер яки музыкаларды жүклеп алыўға ҳәрекет етиң.

Санлы из, автомобиль изиндей сезилерли болмаса да, ҳәр биримиз ресурсларды үнемлеўге жәрдем бериўимиз мүмкин. Неге дегенде, интернеттеги ҳәр бир қәдемиңиз климатқа да тәсир етеди-ғо!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi