28

Джинсилер планетаға зыян жеткериўин билерме едиңиз?

Сүйикли джинси шалбарларыңызды ислеп шығарыў ушын қанша ресурслар сарпланыўын ҳеш ойлап көргенсиз бе? Mысал ушын, бир жуплық ушын шама менен 7500 литр суў керек болады -бул бир адам 10 жылда ишетуғын суў муғдарынан көп! 😱

Лекин, бул еле ҳәммеси емес. Джинсилер жумсақ болыўы, модаға сай реңи өшкен яки гөнерген көриниске ийе болыўы ушын оларға химиялық ислеў бериледи. Бул химиялық затлар көбинесе дәрьяларға түсип, суўды патасландырады, балықларды өлтиреди ҳәм эко системаға зыян жеткереди. Буннан тысқары, фабрикаларда көп муғдарда карбонат ангидрид (CO2) ажыралып шығады, бул да климат өзгериўин тезлестириўге өз үлесин қосады.

Джинсилер таслап жиберилгеннен кейин не болады? Гөне кийимлердиң басым көпшилиги шығындылар шығарылатуғын орынларға таслап жибериледи, ол жер де онлаған жыллар даўамында ширип кетеди. Синтетикалық талшықлардан таярланған нәрселер микропластикаларды ажыратады, олар суўға, ҳаўаға ҳәм ҳәттеки ҳайўанлар ҳәм адамлар денесине киреди.

Не ислеў мүмкин? 💡

✔ Азырақ, лекин сапалырағын сатып алың – кийимлериңизди абайлап сақлаң, узағырақ кийиң.

✔ Биз де усындайы бар ма? Биз де second hand? Егер бар болса, джинсиди сол жерде қалдырыўыңыз мүмкин.

✔ Гөнерген джинсилерди таслап жибермең – олардан шортик, сумка яки ҳәттеки заманагөй жакет таярлаўыңыз мүмкин.

✔ Кемирек ҳәм пәс температурада жуўың – бул суў, энергияны үнемлейди ҳәм гезлемениң хызмет мүддетин узайттырады.

✔ Oрганикалық пахтадан тигилген кийимлерди таңлаң – оны ислеп шығарыў тәбиятқа кемирек зыян жеткереди.

Бәлким гардеробыңызды қайтадан көрип шығып, оны және де экологиялық жақтан таза етиў ўақты келген шығар? 😉♻

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi