Tәбиятқа зыян жеткерместен байрам ҳәм пикникти қалай шөлкемлестириў мүмкин?
Tәбияттағы байрамлар/пикниклер қызықлы ҳәм қуўанышлы мәўритлер есапланады, лекин, тилекке қарсы олардан кейин көплеген шығындылар жайрап ҳәм үйилип қалады, бул болса, әлбетте, тәбиятқа зыян жеткереди. Ал, ашық ҳаўа ҳәм де тәбият өз гөззаллығынан заўық алыў мүмкиншилигин береди.
Қоршаған орталыққа зыян жеткерместен байрамды қандай етип шөлкемлестириў бойынша айырым мәсләҳәтлер.
- Бир ислетилетуғын ыдыслар санын кемейттириў керек. Пластикалық стаканлар ҳәм тарелкалар орнына көп мәртебе ислетилетуғын ыдыслардан пайдаланың, егер буның илажы болмаса, биологиялық жақтан бөлинетуғын материаллардан таярланған ыдысларды таңлаң.
- Саўғалар ҳаққында гәп кеткенде, пластикалық ыдысларға жайластырыўды талап етпейтуғын нәрселерди таңлаң. Мәселен, сиз гезлемеден таярланған ыдыс таярлаўыңыз яки қайта ислетилиўи мүмкин болған қутылардан пайдаланыўыңыз мүмкин. Сондай-ақ, шығындыларды азайтыў ушын ыдысларсыз саўғалар берсеңизде болады.
- Қолайлылық орталығын жаратыў ушын электр жақтыландырыў үскенесиниң орнына шамлардан пайдаланған жақсы болады. Бул байрамға өзгеше кейпият бағышлайды, буннан тысқары, шамлар электр энергиясын пайдаланбайды. Тек ғана қәўипсизликти умытпа, әсиресе, байрамда балалар болса.
- Ҳаўа шарларынан пайдаланбаң. Олар жылтырақ ҳәм шадлы түсте көринеди, бирақ, шарлар тәбият ушын ҳақыйқый қәўипке айланыўы мүмкин. Байрам жуўмақланғаннан кейин, шарлар көбинесе, көшеге таслап кетиледи. Олар қоршаған орталықта узақ ўақыт сақланыўы ҳәм бөлеклерге бөлинип кетпеўи мүмкин. Егер шарлар тосаттан суўға түсип кетсе яки жерде қалып кетсе, ҳайўанлар оларды жутып жибериўи мүмкин, бул болса олардың саламатлығында аўыр машқалаларды пайда етеди. Ҳаўа шарларының орнына қоршаған орталық ушын қәўипсиз болған альтернативалы вариантлардан пайдаланыў мүмкин. Мәселен, сиз байрам орнын реңли байрақлар менен безеўиңиз мүмкин, оларды арқанларға илдирип, қайта-қайта ислетиўиңиз мүмкин. Тағы бир әжайып вариант – ҳаўа сабын көбиклери. Олар тек ғана кеўилли емес, бәлким тәбият ушын толық қәўипсиз, себеби, ҳаўада тез ерийди ҳәм ҳеш қандай из қалдырмайды.
- Солай екен, енди байрамды экологиялық таза етиў бойынша идеяңыз бар екен, оны тек ғана кеўилли емес, бәлким тәбият ушын пайдалы да етиўиңизге болады! Бул идеяларды досларыңыз бенен бөлисиң ҳәм биргеликте ҳәммени қуўандыратуғын ҳәм планетамызға зыян келтирмейтуғын байрамды шөлкемлестириң!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)