Не ушын бир мәрте ислетилетуғын пластикалық ыдыслардан бас тартыўымыз керек?
Ҳәр биримиз ҳәр күни қанша пластикалық ыдыс ислететуғынымыз ҳаққында ҳеш ойлап көргенсиз бе? Сатып алыў пакетлери, суў ыдыслары, ишимлик ишиў трубочкалары, азық-аўқат ыдыслары- булардың барлығы бир мәртебе ислетилетуғын пластикалық ыдыслар. Биз оны түп мәнисинде бир неше минут ислетемиз ҳәм кейин болса таслап жиберемиз. Бирақ, кейин не болады?
Көпшилик пластикалық ыдыслар жүзлеген жыллар даўамында бөлеклерге бөлинип, майдаланып кетпейди. Ол тек ғана майда бөлеклерге бөлинеди ҳәм топырақта, суўда ҳәм ҳаўада қалады. Бул микрозыянлар дәрьялар ҳәм океанларға, кейин болса балық, қуслар ҳәм теңиз тасбақаларының асқазанына түседи. Көз алдыңызға келтириң, көплеген ҳайўанлар пластикалық ыдыс бөлегин азық-аўқат орнына қабыллағаны ушын өледи. Ең жағымсыз нәрсе сонда, микропластиклер де инсан денесине кириўи мүмкин, себеби олар балық, теңиз өнимлери ҳәм ҳәттеки ишимлик суўынада түседи.
Әсиресе, пластикалық пакетлер, бутылкалар, ишимлик ишиў трубочкасы, көбикли пластикалық ыдыслар ҳәм азық-аўқат ыдыслары жүдә зыянлы. Мәселен, пакетлер бөлиниўи ушын 400 жылға шекем ўақыт кетеди, шийшелер ҳәм олардың қақпақлары көбинесе өлген ҳайўанлардың асқазанларынан табылады. Киши ишимлик ишиў трубочкасын қайта ислеўдиң дерлик илажы жоқ, көбикли пластикалық ыдыслардан жасалған контейнерлер болса қоршаған орталықты узақ жыллар даўамында патасландырады.
Лекин жақсы жаңалық бар! Бир мәртелик пластикалық ыдысты қәўипсизлирек ҳәм экологиялық таза нәрселер менен алмастырыў мүмкин. Мәселен, пакетлердиң орнына өзиңиз бенен гезлемеден таярланған сумка алып жүриўиңиз мүмкин. Бутылкаларды шийше яки металлдан таярланған көп мәрте ислетилетуғын бутылкаларға алмастырыў аңсат. Ишимлик ишиў трубочкалары, егер олар жүдә зәрүр болса, металл яки бамбуктен исленген болыўы мүмкин. Азық-аўқат ушын контейнерлер де шийше яки биологиялық бөлинетуғын болыўы мүмкин. Ҳәттеки әпиўайы пластикалық вилка ҳәм қасықларды да көп мәртебе ислетилетуғынларына алмастырыўға болады- әне сонда пайдаланғаннан кейин таслап жибериўдиң қәжети қалмайды.
Бир мәртелик пластикалық ыдыстан ўаз кешиў мәзи бир мода емес, бәлким тәбиятты сақлап қалыўға ҳақыйқый үлес қосыў болып табылады. Киши нәрседен баслаң: өзиңиз бенен шийшеңизди алың, эко-сумкаңызды алып жүриң, ишимлик ишиў трубочкаңызды босқа ислетпең. Егер не ушын бундай ислеп атырғаңызды билсеңиз, әдетлерди өзгерттириў қаншелли аңсат екенлигине ҳайран қаласыз. Пластикалық ыдыстан қаншама аз пайдалансақ, дүнья соншама таза болады!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)