Қала түтин ишинде қалғанда: өзиңизди қалайынша "қорғаў" ҳәм қоршаған-орталыққа қандай жәрдем бериў мүмкин?
Сиз ҳаўаның патасланыў дәрежесин тексерип көрдиңиз ҳәм AQI индекси керегинен әдеўир жоқары екенлигин көрдиңиз. Енди не ислеў керек? Саламатлығыңызды қорғаўға жәрдем беретуғын бир неше әпиўайы қәдемлер.
Үйде қалың 🏠
Егер AQI индекси 150 ден жоқары болса, зәрүрлик болмаса көшеге шықпаған мақул. Патас ҳаўа үйге кирмеўи ушын айна ҳәм қапыларды жаўып қойың. Егер ҳаўа тазалағыш болса, оны иске қосың.
Маскадан пайдаланың 😷
Әпиўайы гезлеме маскасы жәрдем бермейди – зыянлы бөлеклер жүдә киши. FFP2 яки FFP3 (яки N95, KN95) маскаларынан пайдаланыў ең жақсысы есапланады - олар зыянлы затларды сақлап қалыўға жәрдем береди.
Үйдеги ҳаўаны тазалаң 🌿
● Ығалландырыўшы шаңды шөктириўге жәрдем береди.
● Үй өсимликлери (мәселен, chlorophytum, spathiphyllum) ҳаўаны жақсылайды.
● Ҳаўа фильтри (HEPA) – егер бар болса ол патасланыўды сезилерли дәрежеде кемейттиреди.
● Ҳаўа тазалағыш – үйдеги ҳаўа сапасын сезилерли дәрежеде жақсылаўға жәрдем береди, квартираға жақсы микроклимат жаратады.
Дурыс самаллатың 🌬
Сыртта ҳаўа жүдә патас болса, күндиз айналарды ашпаң. Буны түнде яки ерте таңда, патасланыў дәрежеси төменирек болғанда әмелге асырған мақул.
Үйде кемирек шаң болсын🧹
Kвартирада шаң қаншама көп болса, ҳаўа сапасы соншама жаманласады. Тез-тезден тазалаў жумысларын орынлаң, перделер ҳәм гилемлерди тазалаўды умытпаң.
6.Патасланыў дәрежесин бақлап барың 📲
Қашан сейил етиў ҳәм қашан үйде қалыў жақсырақ екенлигин түсиниў ушын ҳәр күни қалаңыздағы AQI ди тексериң.
💡 Әҳмийетли: Балалар, кекселер ҳәм дем алыў системасы кеселликлери менен аўырғанлар, әсиресе, абайлы болыўлары керек.
Егер ҳаўа узақ ўақыт патас болып қалса, жағдайды өзгерттириў ушын не ислеў мүмкинлигин ойлап көриң - мәселен, машинадан кемирек пайдаланыў. Себеби, ҳәммемиз ҳаўаның тазалығы ҳаққында қайғырсақ, дем алыўымыз жеңиллеседи!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)