30

Жасырын белги: углерод белгиси дегенимиз не ҳәм оны қалайынша өлшеў мүмкин?

Ҳәттеки азанғы ҳалқаста белги қалдыратуғыны ҳаққында ҳеш ойлап көргенсиз бе? Жоқ, бул стол үстиндеги усақлар емес, бәлким атмосферадағы көринбес белги – углерод белгиси. Бул күнделикли турмысымыз себепли қоршаған-орталыққа шығарылатуғын теплица газлери муғдары болып табылады.

Улыўма алғанда, углерод белгиси дегенимиз не? Бул транспорттан пайдаланғанымызда, аўқат писиргенимизде, электр лампочкасын жаққанымызда, кийим-кеншек яки гаджетлер сатып алғанымызда пайда болатуғын карбонат ангидрид (CO2) ҳәм басқа теплица газлериниң барлық шығындылары болып саналады. Қандайда бир нәрсеге қаншама көп энергия ҳәм ресурс сарпланса, углерод белгиси сонша көп болады.

Не ушын бул жаман? Себеби, теплица эффектин пайда етиўши газлер ыссылықты атмосферада көрпе сыяқлы услап қалады, буның нәтийжесинде Жер ысыйды. Бул музлықлардың ериўине, қурғақшылыққа, күшли сел тасыўы ҳәм өртлерге себеп болмақта. Мәселен, айырым мәмлекетлерде жазда ҳаўа сол дәрежеде ысып кетеди, адамлар көшеге шыға алмайды. Яки тосаттан, алдын болмаған күшли боранлар ҳәм суў тасқынлары басланады. Булардың барлығы климат өзгериўиниң ақыбети болып есапланады.

Дүньядағы ҳәр бир инсан өз углерод белгисин қалдырады. Ол жылына орташа 4 тонна әтирапында CO2 ни қурайды. Бул нормал жағдай. Лекин, раўажланған мәмлекетлерде бул көрсеткиш 16 тоннаға шекем жетиўи мүмкин - бул eнди жүдә көп! Глобал ысыўды тоқтатыў ушын ҳәр бир инсанның углерод белгиси жылына 2 тоннадан аспаўы керек.

Meн өзимниң углерод белгимди есаплап шықтым ҳәм оның қаншелли жоқары екенине ҳайран қалдым! Бул мени ойландырып қойды: қандай етип өз белгимди киширек етиўим мүмкин? Aқыры бизиң планетамыз биреў-ғо.

Сиз де өз углерод белгиңизди онлайн калкульятор жәрдеминде тексериўиңиз мүмкин, мәселен, footprintcalculator.org (инглиз тилинде) https://jalajalg.positium.ee/?lang=RU (рус тилинде). Егер цифр жүдә үлкен болса – тәшўишлен бе, оны өзгерттире аласаң! Углерод белгисин кемейттириў ушын не ислеў керек? "Экологиялық челлендж: углерод белгисин қалайынша кемейттириў мүмкин?" мақаласын оқың. 🌍💚

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi