«Алма» тәризли дене дүзилисине ийе қызлар қандай кийиниўи керек?

Сыртқы кийим жағасы

«Алма» тәризли денеде сыртқы кийимниң жағасы кѳкирек ҳәм қарын бѳлимин ажыратып турыўы керек. Бул ушын жаға кең ҳәм тѳменирек болыўы зәрүр. Жағаның кеңлиги ийинлерди кеңирек қылып кѳрсетип, ал оның тѳменги тереңирек бѳлими денеңди узынырақ ҳәм кѳкирегиңди кеңирек етип кѳрсетеди.

01.png

Жеңлер

Кийимниң жеңлери денениң жоқарғы бѳлими ҳәм қоллардың шырайын кѳрсетип, адамның дыққатын қарын бѳлиминен алаң қылыўға жәрдем береди. Денениң жоқарғы бѳлими кеңирек болып кѳриниўи ушын жеңлери кеңирек кийимлерди таңла.

02.png

Кѳйлек, футбола ҳәм басқа да үстки кийимлер

Жағасы ҳәм ийинлери безетилген кийимлерди таңла, олар ийин ҳәм мойын бѳлимлерин шырайлы қылып кѳрсетеди.

03.png

Тоқылған кийимлер

«Алма» тәризли денени шырайлы қылып кѳрсетиў усылы бул жүдә тар болмаған драпировкалы ашық кардиганларды таңлаў.

Безеўлер ҳәм деталларға жүдә бай кийимлерди кийиўден бас тарт. Әсиресе, горизонталь сызықлар бар кийимлерди кийме, олар сениң денеңди еле де кең ҳәм үлкен кылып кѳрсетеди.

04_1.png

Жакетлер

«Алма» тәризли дене дүзилисине ийе қызларға белбеўли яки еки бортлы курткаларды кийиў усыныс етилмейди (белбеўи кѳкирек астындағы ампир стилиндеги курткадан басқа). Безеўлери ҳәм деталлары кемирек сыртқы кийимлерди таңла. Денең тең болып кѳриниўи ушын куртка узынлығы жанбас бѳлимине шекем болыў керек. Пиджактың бир бортлы түрин таңлаў керек. Илгеклерине итибар қарат, олар кѳкирек сызығынан тѳмениректе жайласыўы зәрүр.

05.png

Пальто

Денең тең болып кѳриниўи ушын пальто узынлығы жанбас бѳлиминен тѳменирек болғаны мақул. Илгеклери кѳкирек бѳлиминен тѳмениректе жайласқан пальтоларды таңла.

06.png

Шалбар

Денеге тығыз болмаған, кеңирек шалбарларды таңла. Бундай шалбар «алма» тәризли денеге жүдә жарасымлы болып, қарын бѳлиминиң кең екенлигин жасырып турады.

07.png

Джинсы шалбар

Тар джинсы шалбар аяқларыңның тегис шырайын кѳрсетип турады, бирақ, денениң жоқарғы бѳлимин кең қылып кѳрсетеди. Сол ушын, балақлары кеңирек әпиўайы деним фасонларды ҳәм тоқ реңлерди таңлаған мақул.

07.png

Юбка

«Алма» тәризли дене дүзилисине ийе қызларға етеги кең тегис юбкалар жарасады. Қарын бѳлимин кең қылып кѳрсетиўши кѳп яруслы юбкаларды таңлама.

08.png

Кѳйлек

«Алма» тәризли дене дүзилисине ийе қызларға қарнына тығыз турмаған кѳйлеклер жарасықлы болады.

Ийинлердеги, кѳкиректеги ҳәм жеңлердеги безеўлер, қарын бѳлимине болған дыққатты ѳзине тартыўы анық.

09.png

Aldıng’ı Keyingi