Басымызды қалай дурыс жуўыўымызға болады?
Кѳпшилигимиз ушын басымызды жуўыў бул үйреншикли тәризге айланған процесс екенлигин тән аламыз. Шашларымызды қалай дурыс жуўыўға болады деген сораўды ойламастан, ҳәр күни балалықтан бери үйренген ҳәрекетлерди ислеймиз. Ҳақыйқаттанда, дурыс жуўыў усылы әҳмийетли ме? Келиң бул мәселеге анықлық киргизейик!
- Шашларыңызды жақсылап суўлап алың. Бул аз муғдардағы шампунь менен кѳбирек кѳбик пайда болыўына жәрдем береди. Ыссы суўдың орнына жыллы суўдан пайдалан. Бул бас терисиндеги тесикшелердиң ашылыўына жәрдем береди.
- Шампуньды дурыс таңла. Қурғақ териге, майлы териге, қайызғаққа қарсы ҳәм ҳәр қыйлы түрдеги шашлар ушын арнаўлы шампуньлар бар. Ѳзиңниң шаш түрине ҳәм териңе сай келетуғын шампунды таңла.
- Шампунды суў менен араластыр. Шампуньды шашқа сүртпестен алдын, азғана муғдардағы суў менен араластырып ал. Бул шампундағы химиялық затлардың муғдарын кемейтеди.
- Бас терисине массаж исле. Шашыңды шампунь менен жуўып атырған бармақ ушларының айланба ҳәрекети менен бас терисине массаж исле. Бул бас терисиниң патаслықлардан ҳәм ѳли клеткалардан тазаланыўына жәрдем береди.
- Кондиционер бас териси ушын арналмаған. Кондиционерди шашларыңның ортасынан баслап ушына дейин сүрт. Шашларың ығалланыўы ушын оны 2 минутқа шекем жағып қой ҳәм соңынан суў менен жуўып тасла.
- Шашларыңа ыссы суў тийгизбеўге ҳәрекет ет. Ыссы суў бас терисине, шашлардың түплерине ҳәм шашларға зыян тийгизиўи мүмкин. Шампунь сүртпестен алдын шашларды жыллы суў менен жуў, ал кондиционерди жуўып таслаў ушын салқын суўдан пайдалан. Салқын суў ашылған тесикшелердиң жабылыўын ҳәм шашлардың тығызланыўын тәмийинлейди.
- Қаншелли аз болса, соншелли жақсырақ. Шашларды жуўғанда шампунь ҳәм кондиционерден пайдаланғанда «Аз муғдар жақсырақ» деген қағыйдаға әмел ет. Шашларыңа ҳәдден тыс кѳп муғдарда шампунь яки кондиционер пайдаланба.
- Бас терисин тексерип тур. Жуўынып болғаннан соң бас терисинде шампунь қалдықларын қалдырмаў жүдә әҳмийетли. Бас терисинде кѳбик яки шампунь қалдықлары қалмағанлығын қолың менен тексерип кѳр. Егер қалған болса, басыңды салқын суў менен жақсылап жуўып тасла. Шампунь яки кондиционер қалдықлары бас терисине зыян тийгизип, қайызғақты келтирип шығарыўы мүмкин.