Биринши бюстгальтерди қалай таңлаў керек?
Биринши бюстгальтерди таңлаў — ҳәр бир қыздың ѳмириндеги әҳмийетли ҳәм тәшўишли ўақыя.
Бюстгальтер бул аксессуар емес, ал ѳмирдеги зәрүрли нәрсе. Сол ушын, дүканлардан таңлап алғанда биринши нәўбетте оның стилине емес, ал оның қолайлы болыўына итибар қаратыў керек. Бюстгальтерди алдыннан кийип кѳрмей турып алмаған мақул. Тѳменде, бюстьгалтерди дурыс таңлаўда жәрдеми тийетуғын бир неше усынысларды келтиремиз:
- Ол кѳкиректи қатты басып турмаўы зәрүр;
- Корсет бѳлими жаўырыннан тѳмениректе жайласыўы керек;
- Жүдә кең яки жүдә тар бюстгальтерлерди алма: кең түри кѳкиректи услап турмайды, ал тар болса, ол кѳкиректи қатты қысып, қан айланысы бузылыўына себеп болыўы мүмкин;
- Кѳкирек кѳлеми қаншели үлкен болса, бюстгальтердиң ийин баўы да соншелли кеңирек болыў керек;
- Кѳкирек асты бѳлиминиң үлкенлиги ең соңғы илмекти илдириў имканиятын бериў керек. Сондай-ақ, ўақыттың ѳтиўи менен гезлемениң ийилиўшеңлиги жоғалғанда, оны қаттырақ тартып қойыў мүмкиншилиги болыў керек;
- Тәбийий, ҳаўа ѳткериўши пахта яки зығыр сыяқлы гезлемелерден исленген ѳнимлерди таңла.
Ѳзиңе қандай размердеги бюстгальтер керек екенлигин қалай билиўге болады?
Бул ушын сантиметрли ѳлшеў лентасын алып, кѳкиректи ҳәм кѳкирек астын айландырып ѳлшеп ал. Шыққан үлкен саннан киши санды алып тасла ҳәм тѳмендеги размерлер шкаласы менен салыстырып кѳр:
- 10–12 см — AA (0) размери;
- 12–13 см — A (1) размери;
- 13–15 см — B (2) размери;
- 15–17 см — C (3) размери;
- 18–20 см — D (4) размери;
- 20–22 см — DD (5) размери.
Бюстгальтерди дурыс таңлаўың, кийген кийимиңниң жарасықлы болыўына, ҳәттеки қәдди-бойың шырайлы болыўына да тәсир кѳрсететуғынлығын есиңде сақла. Бюстгальтерге үйренисиўдеги басланғыш этапта ең баслысы бул қолайлылық, сол ушын мода ҳәм сулыўлыққа қызықпа.
Бюстгальтер тағып баслаў ўақты келгенлигин қалай билиўге болатуғынлығы ҳаққында тѳмендеги силтеме арқалы оқып ал: