12_Corr.png

Бюстгальтер тағып баслаў ўақты келгенлигин қалай билиўге болады?

Айырым қызларда кѳкирек кѳлеми 10–11 жасында ѳсип баслайды, ал айырымларында тек ғана 15 яки 16 жасында.

Бюстгальтер тағып баслаў ўақты келгенлигин билиў ушын тѳмендегилерге итибар қарат.

Тѳмендеги жағдайлар болса, бюстгальтер пайдаланатуғын ўақтың анық келгени:

  • Кѳкирегиң кийим астында кѳринип баслады, сол ушын тар ҳәм жуқарақ майка яки блузка кийип жүриўге уялсаң;
  • Жүргенде, жуўырғанда яки спорт пенен шуғылланғанда кѳкиреклериң селкилдеп, ѳзиңди қолайсыз сезсең;
  • Кѳкирегиңниң кѳлеми үрпи туўрысынан ѳлшегенде 65 сантиметрден үлкен болса;
  • Мектептеги кийим ѳзгертиў бѳлмесинде басқа қызлардың кѳз алдында кийимиңди шешип ѳзгертиўге уялсаң;

Ѳзиңе бюстгальтер керек екенлиги ҳаққында анаң менен қалай сѳйлесиўге болады?

Анаң менен тартынбастан, ашық-айдын барлық нәрсе ҳаққында сѳйлессең болады.

Бирақ, гәпти қалай баслаў керек екенлигин билмесең не ислеў керек?

Анаң да сендей ўақтында тап усындай жағдайда болғанлығын ойлап кѳр. Ол да сен сыяқлы биринши бюстгальтер аларында анасы менен қалай сѳйлесиўди билмеген болыўы мүмкин. Сол ушын оның жанына барып, ѳзиң бундай жағдайда жүриўге уялатуғыныңды айт. Ол барлығын түсинеди ҳәм сени менен ашық сѳйлесиўи мүмкин.

Aldıng’ı Keyingi