Губы.png

Декоратив косметикадан қалайынша дурыс пайдаланыўға болады?

Декоратив косметикадан пайдаланбастан алдын, бир неше әпиўайы қағыйдаларды билип алыў зәрүр.

Бириншиден – орташалық. Ҳәзир сениң териң кѳплеген ѳзгерислерге ушырап атыр, бирақ ол бәрқулла таза ҳәм жас болып турмайды. Декоратив косметиканың күтим бериўши косметикаға айланғанына кѳп ўақыт болмады, бирақ, оның қурамында ересекликке ѳтиў дәўиринде жас ѳспиримлердиң терисине зыянлы тәсир етиўши затлар бар. Анаңнан яки дерматолог шыпакерден дурыс күтим бериўши ѳним алыўда мәсләҳәт ал. Күтим қылынған саламат териге қәлеген косметика жақсы сүртиледи. Сол ушын, териге күтим қылыў зәрүр. Илажы болғанша декоратив косметикадан ерте жаста пайдаланбаған мақул. Шырайлы кѳриниске ийе болыў ушын териңе күтим қылып, кемшиликлерди туўрылаў ең жақсы усыл есапланады. Гигиена — саламатлық ҳәм шырайлы териниң гиреўи. Келешекте бул ушын сениң териң миннетдар болады!

Екиншиден, мектепке яки рәсмий илажға жарқын косметика сүртип барған қаншелли орынлы екенлигин ойлап кѳр. Қурамалы кѳп қабатлы макияж әлле қашан трендте емес, ал тек фотосессияларда пайдаланылады. Мысалы, реңли тушь – гѳззаллық индустриясындағы жаңа тренд. Ҳәзир тек ғана қара яки қоңыр реңдеги емес ал барлық рәңбе-рең тушлардан да пайдаланыў үйреншикли әдетке айланды. Фотосессияларда яки арнаўлы илажларда рәңбе-рең тушьларды пайдаланғанда таза ҳәм оригинал болып кѳринеди. Бирақ, күнделикли турмыста бундай макияждан пайдаланбаған мақул. Makeup «nomakeup» (макияж ҳәм макияжсыз) – бул моданың ҳүкими. Бул жердеги идея, жүзимизге декоратив косметика сүртиўге күш салыў емес ал териниң жағдайына итибар қаратыўдан ибарат. Классикалық яки орташа рең менен жүзиңиздиң қандай да бир деталын сызып кѳрсетиў бәрқулла орынлы болады.

Жас ҳәм шырайлы қыздың ўазыйпасы бул жүз терисине дурыс күтим бериў. Уйқыға жатардан алдын бәрқулла жүзиңдеги косметиканы жуўып тасла ҳәм териге дурыс күтим бер. Териниң түри ҳәм талабынан келип шыққан ҳалда, жас тери ушын крем, лосьон яки тоник пайдалансаң болады. Күтим бериўши ѳнимлер де терини түршиктириўи яки аллергия шақырыў мүмкин екенлигин естен шығарма. Сол ушын бундай ѳнимлерди алмастан алдын ересеклер менен яғный, анаң яки косметолог шыпакер менен мәсләҳәтлесип ал.

Oldingi Keyingi