Егер қатар-қурбымнан ертерек ер жетсем не болады?
Жынысый жақтан ерте жетилисиў дегенимиз не? Бул сениң репродуктив системаңның белгиленген мүддетлерден алдын раўажланыўы, яғный қызларда 8 жасқа ҳәм балаларда 9 жасқа шекем раўажланыўы. Буннан қорқыў керек емес, яғный сениң денеңниң тез ѳсип раўажланыўы бул сениң индивидуал ѳзгешелигиң есапланады. Ѳзиңниң қатар-қурбыңнан бираз тез раўажланып атырғаныңды сездиң бе? Ҳәзирги күнде белгиленген мүддетлеринен ерте жынысый раўажланыў жағдайлары кең тарқалып бармақта. Бул сениң саламатлығыңда қандай да бир ѳзгерис бар екенлигин билдирмейди!
Жынысый жетилисиўдиң анық бир белгилери болады:
- Кѳкирек безиниң ѳсиўи;
- Шатта түклердиң ѳсип баслаўы;
- Денеде түклердиң ѳсип баслаўы;
- Териниң күшли майлы болыўы, таспалардың пайда болыўы;
Организмдеги гормонлар муғдарының кескин асыўы тек ғана физиологиялық ѳзгерислерге себеп болмайды, ал минез-қулқыңда да ѳзгерислерди сезесең. Ѳзиңде кейпиятыңның ѳзгериўшеңлигин, агрессия, қайғыланыў, ҳәлсизлик сезесең. Бул нормал жағдай: денең үлкен ѳзгерислерге дуўшар болады ҳәм мийиң оларды қабыллап үлгермейди.
Ерте жынысый жетилисиў басланған қызларда бул ѳзегрислер бираз тез кешеди, олардың организми ер жетип, бәрқулла орынлы болмаса да олар ересеклердиң минез-қулқына еликлеўге ҳәрекет етеди. Психологиялық кѳз қарастан, психиканың бузылыўы белгилери булар эйфория, тәшўишлениў, уяңлық.
Егер ѳзиңде ерте жынысый жетилисиў белгилерин сезсең, буннан тәшўишленбе.
Ерте жынысый жетилисиў организмниң ѳзгешелигине байланыслы болады, бирақ ѳзиңдеги тәшўишти анаңа, апаңа, балалар гинекологы яки эндокринологқа айтыўыңды усыныс етемиз. Егер ѳзиңди қолайсыз сезсең, анаңа яки ѳзиң исенген ересек адамға мүрәжат қыл, олар менен биргеликте шыпакерге кѳринип ҳеш қандай үлкен машқала жоқ екенлигине исенимиң пайда болады.