Етек кири ҳаққында нелерди билиўим керек?
Дәслепки етек кири қашан басланады?
Кѳплеген қызларда дәслепки етек кириниң келиўи 10-15 жастан басланады.
Мениң етек кирим қанша ўақыт даўам етеди?
Етек кири әдетте қызларда 2-7 күн даўам етеди. Деген менен ҳәр бир қыз балада бул жеке тәризде кешеди. Егер етек кири жети күннен аслам ўақыт даўам етсе ата-ана, тәрбияшы, достыңыз, педиатр ямаса сизиң аймақта жайласқан районлық шаңарақ поликлиникасындағы гинекологтан мәсләҳәт алың.
Етек кири дәўиринде мен қанша қан жоғалтаман?
Етек кири пайытында сизге кѳп қан жоғалтып атырғандай түйилиўи мүмкин. Деген менен оның улыўма муғдары үш-тѳрт ас қасықты қурайды.
Етек кири келген гезде ҳәр күни бирдей муғдарда қан жоғалтаман ба?
Яқ. Етек кири келгенде менструациялық циклдиң басқа күнлерине салыстырғанда дәслепки күнлеринде қан кѳбирек муғдарда кетиўи мүмкин. Усылай етип, етек кири келиўиниң соңғы күнине шекем қан келиў муғдары әсте азайып барады. Бул дегенимиз сизге етек кириниң дәслепки күнлеринде соңғы күнине қарағанда кѳбирек гигиеналық прокладкалар керек болады дегенди аңлатады.
Егер мен үйден алыста болсам ҳәм жанымда гигиеналық прокладкалар болмаса мен не ислеўим керек?
Егер сизиң муғаллимиңиз ямаса достыңыз жәрдем бере алмайтуғын болса, сиз ўақытша қолланыўға жарамлы жастықша ислеўиңиз мүмкин. Буның ушын бир неше салфетка ямаса ҳәжетхана қағазынан пайдалансаңыз болады. Бундай жастықша узақ мүддетке жарамаўы мүмкин, бирақ сиз гигиеналық прокладканы тапқанға шекем жәрдеми тийиўи мүмкин. Бул ҳаққында мектеп мийирбийкесинен сораўыңыз мүмкин.
Бир мәртелик прокладкалар ҳәм гезлемели прокладкалар арасында қандай айырмашылық бар?
Бир мәртелик прокладкалар тек бир рет пайдаланылады, буннан соң оларды таслап жибересиз, ал гезлемели прокладкаларды қолланғаннан соң оларды жуўып кептириўге ҳәм оны қайтадан пайдаланыўға болады.
Етек кири келгенде мектепке барыўға ҳәм спорт пенен шуғылланыўға болады ма?
Аўа! Буның ушын мектептен қалыўға ямаса әдеттеги спорт пенен шуғылланыўды тоқтатыўға ҳеш қандай себеп жоқ. Гигиеналық прокладканы мектепте жүргенде аўмастырыўыңыз керек болса, онда оларды жаныңызда алып жүриң.
Менде етек кири еле басланған жоқ! Не ислеўим керек?
Бизлер ҳәр қыйлымыз ҳәм бизиң организмимиз ҳәр түрли тезликте раўажланады. Буған қәўетерленбесеңиз болады. Муғаллимиңиз ямаса медицина хызметкери менен мәсләҳәтлессеңиз сизге не болып атырғанын түсиндиреди. Тек 16 жастан асқан болсаңыз ҳәм етек кири еле басланбаған болса; яки етек кири дәўири жети күннен артық даўам етсе; ямаса сизиң етек кириңиз басланып, кейин күтилмегенде тоқтап қалса, шыпакерге хабарласыўыңыз керек.
Менде етек кири келгенде басқаларға белгили болмай ма?
Яқ. Егер сиз ѳзиңиз буны айтыўды қәлемесеңиз, ҳеш ким сизде етек кири келгенин билмейди. Ѳйткени, оның басқа ҳеш кимге кѳринетуғын ямаса танымалы белгиси жоқ. Деген менен, егер бул сизде биринши етек кири болса ҳәм сиз жәрдемге мүтәж болсаңыз, анаңыз ямаса достыңыздан мәсләҳәт алың.
Менде етек кири басланғанда шыпакерге кѳриниўим керек пе?
Яқ. Етек кири бул тәбийий ҳәм нормал жағдай.
Етек кири басқа қызларда болғанындай айына тек бир мәрте келмейди. Не ислеўим керек?
Ҳаўлықпаң. Сизде биринши рет етек кири басланғаннан соң бир ямаса еки жыл даўамында етек кириңиз азмаз тәртипсиз рәўиште келиўи мүмкин. Ѳйткени, денеңиз бейимлесип алыўы ушын ўақыт талап етиледи. Буннан тысқары, айырым қызларда ҳәр 21 күнде, ал басқаларында 35 күнде етек келиўи мүмкин екенин есиңизде тутың. Орташа етек кири арасындағы ўақыт аралығы шама менен 28 күннен ибарат.
Етек кири келгенде ѳзиңизге қалай күтим кѳрсетиў ҳаққында мағлыўмат алыў ушын төмендеги мақаланы оқың: “Етек кири дәўиринде ѳзиңизге қандай күтим кѳрсетиўиңиз керек?”