Мениң дене дүзилисим ѳзгерип атыр – мениң ден саўлығыма бир нәрсе болған ба?
Жынысый жетилисиў бул сениң денең ересеклердики сыяқлы раўажаланатуғын жүдә тәшўишли дәўир. Сенде бул дәўир басланды ма? Әдетте жынысый жетилисиў 8-13 жасларда басланады. Жынысый жетилисиў адамда ѳзине тән ритмде кешеди, кѳпшилик жағдайларда нәсилге ҳәм организмниң басқа да ѳзгешеликлерине ғәрезли болады. Шаңарағыңдағы ҳаял адамлар менен сәўбетлес ҳәм олардан бул дәўир қандай кешкенлигин билип аласаң.
Бойдың кескин ѳсиўи. Бул жынысый жетилисиўдиң ең биринши белгилериниң бири. Қысқа дәўир ишинде бойың жүдә тез ѳскенин сезиўиң мүмкин. Бир жаз мәўсиминиң ѳзинде бойың 7-12 сантиметрге ѳсиўи мүмкин! Денеңдеги бундай кескин ѳзгерислер нәтийжесинде ѳзиңди үйлесимсиз сезиўиң мүмкин. Буннан тәшўишленбе, себеби бул ўақытша сезим.
Дене кѳринисиниң ѳзгериўи. Жанбас сүйеклериниң ѳсиўи нәтийжесинде санларың үлкейеди, кѳкирек кѳлеми ѳседи, ал белиң жиңишкерек болады.
Кѳкиректиң ѳсиўи. Кѳкиректиң ѳсиўи етек келиўден 2-3 жыл алдын басланады. Кѳкиректиң ѳсиўи бир мәўритте болмайды. Бул узақ даўам ететуғын процесс.
Денедеги түклер. Дәслеп шат ҳәм қолтық астында жиңишке түклер пайда бола баслайды ҳәм ўақыттың ѳтиўи менен олар қалың ҳәм қаралтым болып баслайды. Түклердиң ѳсиў орны да кеңейеди: жынысый жетилисиўдиң ақырына қарай, денедеги барлық аралықларға, ҳәттеки санлардың ишки жоқарғы тәреплерине шекем түк ѳсип баслайды.
Майлы тери ҳәм шашлар. Дене кѳриниси менен биргеликте сениң териңде де ѳзгерислер болады: тери майлырақ болып, буның себебинен жийи зыянланып турыўы мүмкин. Таспалар тек ғана жүзиңде емес, ал мойныңда, кѳкирек ҳәм арқаларыңда да пайда болыўы мүмкин.
Қын ажыратпасы. Ишки кийимиңде ақ ҳәм тынық ажыратпаларды байқаўың мүмкин, бул қынның тазаланып ҳәм ығалланып турыўы. Әдетте бундай ажыратпалар биринши етек келиўден алдын 6-18 ай бурын бақланады.
Жынысый жетилисиў бул қорқынышлы нәрсе емес. Бул тәбийий процесс болып, ол кѳп күш талап етеди. Сонлықтан, ѳзиңе күтим қыл, уйқы ҳәм аўқатланыў режимин сақла, сондай-ақ жақсы кейпиятта жүриўге ҳәрекет ет!